Әдиллик министрлиги пуқараларды шахсқа тийисли мағлыўматларға қарата абайлы қатнаста болыўға шақырды.
Себеби ҳәр түрли төлеў операторлары ҳәм социаллық тармақларда исбилерменлер тәрепинен халыққа хызмет көрсетиў, соның менен бир қатарда, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде олардың Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетлери арқалы жәрдем көрсетиў усыныс етилмекте.
Бирақ, айырым жағдайларда исбилерменлер ҳәм төлеў операторлары тәрепинен халыққа көрсетилген хызметлердиң жуўмағы бойынша шахсқа тийисли мағлыўматлардың жыйналыўы ҳәм бул мағлыўматлар басқа шахсларға берилиўи ҳәм ақыбетте оннан түрли ғәрезли нийетлерде пайдаланыў жағдайлары бақланбақта.
Бирақ, шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққындағы нызамшылықты бузыў ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликке себеп болады.
«Шахсқа тийисли мағлыўматлар ҳаққында»ғы нызамда мүлк ийеси ҳәм (яки) оператордың, сондай-ақ, үшинши шахстың шахсқа тийисли мағлыўматларды қайта ислеў менен байланыслы болған хызметкерлери өзине исенип тапсырған яки кәсиплик, хызмет яки мийнет миннетлемелерин орынлаўы себепли мәлим болып қалған шахсқа тийисли мағлыўматлардың жәрия етилиўине жол қоймаўы белгиленген.
Солай екен, шахсқа тийисли мағлыўматларды дус келген адамларға, шахсыңызға тийисли мағлыўматларды сыр сақлаўды кепиллей алмайтуғын субъектлерге бермең. Болмаса олар мағлыўматлардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўы мүмкин.
Н.Абдураимова, ӨзА