Соңғы жыллары елимизде социаллық жәрдемге мүтәж кем тәмийинлеген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, оларға материаллық ҳәм руўхый жақтан жәрдемлесиў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Қараөзек районы ҳәкими Анвар Баймуратов социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзалары менен ушырасып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында, елимизде, соның ишинде Қараөзек районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турмыс шараятын жақсылаў, олардың бул өмирден разы болып жасаўы ушын исленип атырған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтти ҳәм пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар бойынша сәўбетлести.

Ушырасыўда район ҳәкими тәрепинен социаллық жәрдемге мүтәж 200 шаңараққа қәўендер шөлкемлер тәрепинен таярланған азық-аўқатлық өнимлери тапсырылды.

Өз гезегинде ушырасыўда жәрдем алған шаңарақ ағзалары шығып сөйлеп, район ҳәкими ҳәм қәўендер шөлкем басшыларына өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы