Жасларды миллий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда ана Ўатанына садықлық сезимин қәлиплестириў мақсетинде бажыхана уйымлары тәрепинен аталыққа алынған мектеплерде бажыхана хызметкерлери тәрепинен шөлкемлестирилип атырған оқыў-сабақлары басқышпа-басқыш даўам еттирилмекте.
Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде гезектеги оқыў-сабағы өткерилди.
Сабақ қадағалаў техникалық қуралларының түрлери, олардың мүмкиншиликлери, бажыхана қадағалаўы процесслеринде олардан пайдаланыў усыллары ҳаққында болды.
Сабақ процесинде бажыхана постларының мәлимлеме технологиялары ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў топары хызметкерлери тәрепинен берилген теориялық билимлер менен бир қатарда, қадағалаў техникалық қураллары менен әмелий шынығыўлар да өткерилди.
Шынығыў даўамында жаслар өзлериниң кибержынаятлар ҳәм олардан қорғаныў усыллары бойынша қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги