Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты (МАИИ) қәнигелери тәрепинен экономикалық белсендилик дәрежесин баҳалаў ҳәм болжаў ушын республика автомобиль базарындағы белсендилик дәрежеси талланды.
Таллаўларға бола, 2024-жылдың үшинши шерегинде Өзбекстан автомобиль базарында белсендилик дәрежеси артқан болса да, 2023-жылғы дәрежесинде емес. Атап айтқанда, усы жылдың июль-сентябрь айларында мәмлекетлик дизимнен өткерилген автомобильлер саны 352,8 мыңды қурап, 2-шерекке салыстырғанда 76,8 мыңға (27,8 процентке) көбейди. Бирақ, бул көрсеткиш 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 19,9 процентке аз.
Сондай-ақ, усы жылдың дәслепки 9 айында банклер тәрепинен халыққа жәми 12,8 трлн сум муғдарында автокредитлер ажыратылған болып, 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,4 есеге азайған. Тек ғана 3-шеректе ажыратылған автокредитлер 2-шерекке салыстырғанда 16,9 процентке ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине қарағанда 3 есеге азайған.
Ажыратылған кредитлердиң өсиў тезлиги соңғы 3 жылдағы орташа дәрежеде сақланып қалса, жылдың ақырына шекем ҳәр айда орташа 115-118 мың автомобиль мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи күтилмекте.
Мағлыўмат ушын, 2023-жылдың 4-шерегинде ҳәр айда орташа 154,8 мың автомобильлер алды-саттысы бойынша шәртнамаға қол қойылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги