Әмиўдәрья районы, Назархан АПЖ, Көк-дәрья елатлы пункти, 16-жайда жасаўшы, 1950-жылы туўылған Ургенишбаев Ўринбай өз үйинен напақа пулын алыў мақсетинде шығып, Нөкис қаласына кетип, усы күнге шекем қайтып келмеген.

Бийдәрек жоғалған: Ургенишбаев Ўринбай 1950-жылы  Әмиўдәрья районында туўылған, миллети қарақалпақ, шаңарақлы 2 перзенти бар, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, напақада.

Белгилери: Бойы шама менен 165-170 сантиметр әтирапында, жүзи домалақ, бийдай реңли, көзи қоңыр реңли, шашы келте узынлықта ақ реңде, мурны ҳәм қулақлары орташа үлкенликте, айрықша белгиси – мурты ақ.

Үстиндеги кийимлери: Үйинен шығып кеткен ўақытта басында қара реңли бас кийим, үстинде ақ реңли (жол-жол) көйлек, қара реңли шалбар ҳәм аяғында қара реңли туфли болған.

Бийдәрек жоғалған Ў.Ургенишбаевты көрген-билгенлер болса ишки ислер уйымының 102 номерине хабар бериўиңизди сораймыз.

 

Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районы прокуратурасы