Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2018-2019-оқыў жылы ушын жәми 26 тәлим бағдары бойынша бакалаврлар (күндизги) қабыл етиўди режелестирген.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 4-августтағы «Сырт елли пуқараларды Өзбекстан Республикасының билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў ҳәм оқытыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы 169-санлы қарары тийкарында, сырт ел пуқаралары да педагогикалық институттағы 26 бакалавр (күндизги) бағдарлары бойынша ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

 

Сырт ел пуқаралары Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыўы керек:

 

– оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы арза;

– үйренилген пәнлер ҳәм олар бойынша имтиханларда алынған баҳалар (баллар) көрсетилген мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетлердиң түп нусқалары және нотариал тастыйықланған нусқалары;

– денсаўлығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама;

– миллий паспорт (әмелдеги визасы менен) ямаса туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық;

– 4х6 см өлшемдеги 6 дана фотосүўрет.

 

Еслетип өтемиз, сырт ел пуқараларынан ҳүжжетлер усы жылдың 20-август сәнесине шекем қабылланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.