Миллетлер аралық татыўлықты сақлаў сол мәмлекеттиң өзине тән раўажланыў жолында қолға киргизген ең үлкен табысы есапланады. Сол себепли ғәрезсизлик жылларында миллетлер аралық дослықты беккемлеў, жәмийетимизде түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт мүнәсибетлерин сақлаў, жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға айрықша итибар берилмекте. Бүгин мәмлекетимизде 130 дан артық миллет ўәкиллери бир шаңарақ перзентлериндей дос ҳәм татыў жасап келмекте. Олар улыўма үйимиз – Өзбекстанның раўажланыўы жолында бирлесип, барлық тараўларда пидәкерлик пенен мийнет етпекте, раўажланған базар экономикасы ҳәм күшли пуқаралық жәмийетине тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўға мүнәсип үлес қоспақта.
Ҳәзирги күнде геосиясий ҳәм идеологиялық процесслер ҳәўиж алған глобалласыў дәўиринде, сондай-ақ дүньяда экономикалық, сиясий, миллий, диний ҳәм басқа да келиспеўшиликлер күшейип баратырған бир шәраятта миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў ҳәр бир мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири есапланады. Сол себепли бизиң елимизде миллетлер аралық татыўлық мәселесиниң ҳуқықый тийкарлары жаратылып, ҳәр бир миллеттиң жәмийетте өз орнына ийе болыўына, өз имканиятларын еркин жүзеге шығарыўына кең имканиятлар жаратылды.
Мәмлекетимизде миллетлер аралық қатнасықлардың ҳуқықый тийкарлары жаратылып, бул елимиздеги тыныш-татыў турмыс, сиясий турақлылық ҳәм миллетлер аралық татыўлықтың гиреўи болып келмекте. Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 8-статьясында «Өзбекстан халқын миллетине қарамастан Өзбекстан Республикасының пуқаралары қурайды», 19-статьясында болса «Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болып, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, исеними, социаллық келип шығыўы ҳәм социаллық статусына қарамастан нызам алдында тең» деп белгилеп берилген.
Өзбекстан Республикасында миллетлер аралық қатнасықлар тараўына мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар берилип, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша қабыл етилген «Ҳәрекетлер стратегиясы»нда, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында, тараўға тийисли Өзбекстан Республикасы Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрман ҳәм қарарларында өз көринисин тапқан.
Миллетлер аралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды системаластырыўға, миллий-мәдений орайлардың өз искерлигин нәтийжели даўам етиўине, илимий конференциялар, ушырасыўлар өткерилиўине, миллетлер аралық қатнасықлар тараўындағы машқалаларды үйрениў ҳәм оларды шешиўде миллий өзгешелигимизден келип шыққан ҳалда сырт ел тәжирийбесинен пайдаланыўға кең жол ашып берди.
Өзбекстан Республикасында миллетлер аралық қатнасықларды раўажландырыўшы орайлар ҳәр бир аймақта шөлкемлестирилген. Ҳәзирги ўақытта 150 ден аслам миллий-мәдений орайлар хызмет етпекте. Орайлардың мақсети Өзбекстан Республикасында миллетлер аралық дослық байланысларын раўажландырыўға бағдарланған.
Миллий -мәдений орайлардың тийкарғы ўазыйпалары 3 бағдарға ийе: 1) ҳәр бир миллеттиң тили, мәденияты, үрп-әдетлерин тиклеў, тарийхый ўатан менен байланысларды жанландырыў, миллий сезимлердиң сәўлелениўине жол ашыў; 2) ғәрезсиз Өзбекстанды өзиниң ҳақыйқый ўатаны деп билиў ҳәм оған миннетсиз ҳәм садықлық пенен хызмет қылыў; 3) Ўатан менен бирге өмир кешириў, оның мәденияты, тарийхы ҳәм тилин үйрениў, ғәрезсиз мәмлекетке атама берген миллет пенен дослықта, татыўлықта жасаў.
Усы 3 бағдарда алып барылып атырған ислер жыл сайын жаңадан-жаңа көринислерде, жөнелислерде рәңбе-рең болып бармақта, солар қатарында:
– өз миллий тарийхын, мәдениятын, тилин, үрп-әдетлерин үйрениў дөгереклери жумыс алып бармақта;
– Өзбекстан тарийхын, мәдениятын ҳәм тилин үйрениў дөгереклери хызмет көрсетпекте;
– миллий музыка, аяқ ойын ҳәм кәсип-өнер дөгереклери өз ислерин кеңейтпекте;
– миллий байрам күнлерине бағышланған илажлар өткерилмекте, фестиваллар шөлкемлестирилмекте;
– тарийхый ўатанынан келген сиясий искерлер ҳәм мәденият ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилмекте ҳ.б.
Қарақалпақстан Республикасында корейслер ассоциациясы, рус мәденият орайы, қазақ миллий-мәдений орайы, түркмен миллий-мәдений орайы, украин миллий–мәдений орайы, Қоңырат районы қазақ миллий мәдений орай бөлими хызмет көрсетпекте. Бул миллий-мәдений орайлардың тийкарғы мақсети Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы түрли миллет ўәкиллери ортасында өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеў, ҳәр бир миллеттиң өз миллий өзгешеликлери, тарийхый қәдриятлары, үрп- әдетлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўдан ибарат.
Мәмлекетимиз басшысының 2018-жылы 4-майдағы Пәрманы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы орайларында “Дослық үйлери” дүзилди. Усындай Дослық үйи пайтахтымыз Нөкис қаласында 2021-жылы декабр айында пайдаланыўға тапсырылды.
2021-жыл 5-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилисинде “Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилди. “Халықлар дослығы күнин белгилеў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамында халқымызға тән кең пейиллик ҳәм әзелий дослық идеялары сәўлеленген. Халықлар дослығы ҳәм улыўма халықлық аўызбиршилик күнин байрам ретинде белгилеўден тийкарғы мақсет инсанлар, халықлар, мәмлекетлер, улыўма алғанда, жәмийеттиң түрли қатламлары ортасында аўызбиршилик, толерантлық, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў ҳәм дослық байланысларын және де раўажландырыўдан ибарат.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-июньдеги қарары бойынша, «Халықлар дослығы» көкирек белгиси шөлкемлестирилди. Бул көкирек белгиси менен елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халықлардың ўәкиллери ортасында миллетлер аралық дослық ҳәм татыўлық орталығының беккемлениўине мүнәсип үлес қосқан, миллий-мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлери искерлиги нәтийжелилигин асырыў бойынша мийнет еткен жергиликли ҳәм сырт ел шөлкемлери хызметкерлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, исбилерменлик субъектлери, социал тараўдың ҳәм ғалаба хабар ўәкиллери ҳәм де сырт елдеги ўатанласлар сыйлықланады. Көкирек белгиси ҳәр жылы 30-июль – Халықлар дослығы күни алдынан салтанатлы түрде тапсырылады.
Республикамызда 30-июль – Халықлар дослығы күни байрам сыпатында белгилениўи, соның менен бирге «Халықлар дослығы» көкирек белгисиниң шөлкемлестирилиўи елимизде жасаўшы халықлар, миллетлер, жәмийеттиң түрли қатламлары арасында бирге ислесиў, толерантлық, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў ҳәм дослық байланысларын және де раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Жуўмақлап айтқанда, миллетлер аралық татыўлық жәмийетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўының әҳмийетли факторы болып, мәмлекетимизде миллетине қарамастан барлық пуқаралардың мәплери нызамлы тийкарда кепилленген. Бүгинги күнде миллетлер аралық қатнасықлар тараўында мәмлекет сиясатының әмелге асырылыўы нәтийжесинде елимизде ҳәр бир миллет ўәкилиниң өз ана тилинде билим алыўы, өз мүмкиншиликлерин жүзеге шығарыўы ушын барлық шәраятлар жаратылған ҳәм усы жерде жасап атырған ҳәр бир миллет ўәкили бул бирден-бир ўатанның гүллеп-раўажланыўына үлес қосыўға ҳәм мүнәсип перзент болыўға ҳәрекет етпекте.
Н.Сейтимбетова
Бердақ атындағы ҚМУ Археология
кафедрасы доц.ў.ў.а., PhD
Қарақалпақстан хабар агентлиги