Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қоңырат районы ҳәкимлиги тәрепинен «Қоңырат дийқан базарын»да арзанластырылған аўыл хожалығы өнимлери ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Халықтың күнделикли турмысында ең зәрүр болған гөш, ун, туқым, қумшекер, өсимлик майы баҳаларының жасалма түрде арттырылмайтуғыны, базарда ең зәрүр, көп ислетилетуғын өнимлердиң баҳалары тийисли уйымлар тәрепинен қадағаланбақта.
Саўда ярмаркасында райондағы фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген азық-аўқат өнимлери арзан баҳаларда сатылмақта. Аймақтың халқы гөш, гүриш, мийўе-овощ өнимлерин арзан баҳаларда сатып алыў имканиятына ийе болғанынан разы.
Даўыт Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги