6-август күни тест сынақларында 16 жоқары оқыў орнының 58 тәлим бағдарында 57 мың 856 абитуриент қатнасты, ҳәр қыйлы себеплер менен 1441 абитуриент тест сынақларына келмеди.

Тәртип-қағыйдаларды бузғаны ушын 185 абитуриент, соның ишинде 110 абитуриент тест өткериў орнына кириў ўақтында уялы телефон, шпаргалкалар алып кириўге ҳәм басқа биреўдиң орнына кириўге ҳәрекет еткени ушын, 75 абитуриент тест ўақтында шпаргалкадан пайдаланыўға ҳәм басқа абитуриентлерге жәрдем бериўге ҳәрекет еткенлиги ушын тест сынақларынан шетлетилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.