Ташкентте «Орайлық Азияда суў: келешек биргеликте» темасында илимий-әмелий конференция өткерилди. Онда Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Қырғызстан Республикасы суў хожалығы тараўы ўәкиллери, Мәмлекетлераралық суў хожалығын муўапықластырыў комиссиясы ағзалары, оның илимий-мәлимлеме орайы, халықаралық шөлкем басшылары ҳәм илимпазлар қатнасты.

Ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Ҳамроев Президентимиздиң басламасы менен тараўда алып барылып атырған реформалар, соның ишинде, 2024-жылы 550 километр канал ҳәм салмалар бетонластырылғаны есесине 200 мың гектарда суў тәмийнаты жақсыланғаны, суўғарыў мәўсиминде 450 миллион кубометр суў үнемленгени, фермер ҳәм кластер тәрепинен де 13 мың километр ишки тармақ салмалары бетонланғаны айтып өтилди.

Илимий-әмелий конференцияда Орайлық Азия регионында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суўдың есап-санағын санластырыў, ашық-айдын система жаратыў, суўды үнемлеўши технологиялар қамтыўын кеңейтиў, каналларды бетонлаў менен байланыслы мәселелер додаланды.

Атап айтқанда, Қазақстан Республикасы суў ресурслары ҳәм ирригация министри Н.Нуржигитов шығып сөйлеген сөзинде суўға талап артып баратырған ҳәзирги шараятта усы сыяқлы додалаўлар суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыўға ерисиў жолында әҳмийетли қәдем болатуғынын атап өтти.

Орайлық Азия регионында мәмлекетлер дәрьялардан, суўдан аўызбиршиликте пайдаланыўы, оны миллий мәселе емес, ал регионаллық мәселе сыпатында көрилиўи ҳәм бәрше оны қәстерлеп-сақлап пайдаланыўы ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды кең қолланыўға жуўапкершилигин және де арттырыўы зәрүр екени атап өтилди.

Санжар Тошпўлатов, Дониёр Якубов, Анвар Аҳмедов, ӨзА