«SPA» мәлимлеме агентлиги Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы мәмлекетте гезексиз өткерилген араб-ислам саммитиндеги қатнасын кеңнен сәўлелендирди.

Мақалада мәмлекетимиз басшысы глобал сиясат күн тәртибиндеги ең өткир ҳәм аўыр мәселе – Палестина-Израиль машқаласын тынышлық ҳәм дипломатия жолы менен шешиўге қаратылған барлық әмелий басламаларды толық қоллап-қуўатлаўы, мәмлекетимиз урыста жәбирленген палестиналы балалар ҳәм ҳаял-қызларды емлеўханаларымызда бийғәрез емлеўге таяр екенлигин билдиргени атап өтилген.

Сондай-ақ, Президентимиз Палестин халқына әмелий жәрдем көрсетиў мәселеси 2025-жыл Самарқандта өтетуғын «Буғаз араб мәмлекетлери – Орайлы Азия» саммитинде де додаланыўы, муқаддес Ал-Ақса мешити, Қуддусдағы басқа да сийрек гезлесетуғын тарийхый-мәдений естеликлерге қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм зыянсыз сақлап қалыўға да айрықша итибар қаратқаны атап өтилген.

Сөзиниң соңында Өзбекстан жетекшиси бул ушырасыў Жақын Шығыс машқаласын шешиў жолында исенимли қәдем болыўына үмит билдирген.

Саудия басылымлары әнжуман шеңберинде Президент Шавкат Мирзиёев Мийрасхор, Бас министр Муҳаммед бин Салмон Ол Сауд пенен ушырасыў өткергенин де жазған. Мақалаларда Өзбекстан-Саудия көп тәреплемели қатнасығын және де кеңейтиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланып, ҳәр қыйлы дәрежедеги жедел сөйлесиў ҳәм алмасыў даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилгени, өз-ара саўда ҳәм инвестиция көлеми кеңейип, қоспа кәрханалар санының артып атырғаны атап өтилгени, «жасыл» энергетиканы раўажландырыў, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, коммуникация, аўыл хожалығы ҳәм санаатта жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылғаны сәўлеленген.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА