Усы жылдың 2-ноябрь күни мәмлекетимиз Президенти тәрепинен өткерилген видеоселектор мәжилисинде «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў ҳәм оның шеңберинде жылына 200 млн. туп терек ҳәм пута нәллерин егиў белгиленген еди. Бундай кең көлемли басламаның әмелге асырылыўы менен елимиздеги жасыл майданлар аймағы ҳәзирги күндеги 8 проценттен 30 процентке шекем көбейеди.
Бул жойбарды әмелге асырыў мақсетинде, Нөкис районы халқы да «бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып» мийнет етпекте. Атап айтқанда, район аймағында жайласқан мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен өткен 10 күн ишинде 22 мың түп саяманлы терек нәллери егилди.
-Терек нәллери тийкарынан аймағымыздың ҳаўа ықлым шараятынан келип шыққан ҳалда егилмекте,-дейди бизге Нөкис районы ҳәкиминиң қурылыс, коммуналь хожалығы, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Мураталы Мәмбетырзаев.-Быйыл районымыз бойынша 280 мың түп саяманлы терек нәллерин егиўди өзлеримизге реже етип белгилеп алғанбыз. Буның ушын район аймағынан 45 гектар жер ажыратылып, жерлерди тегислеў ҳәм суўғарыў жумыслары әмелге асырылды. Терек нәллери болса, районымыз аймағында жайласқан Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығынан алып келинбекте. Ҳәзирги ўақытлары нәл егиў жумыслары қызғын даўам етпекте.
-Нөкис мәмлекетлик тоғай хожалығының нәлханасы 2017-жылы шөлкемлестирилди,-дейди усы хожалықтың қәнигеси Қуўанышбай Мәмбетшарипов.- 20 гектар егислик жерге ийе нәлханамызда можжевельник, шығыс туясы, клён, павлония, айлант, япон сафорасы, тополь, акация, ясень, қараағаш, тут, катальпа, ерик сыяқлы терек нәллери менен хризантема, лаванда гүллери, дәрилик өсимликлерден шиповник ҳәм годжи егип жетистирилмекте. Ҳәзирги ўақытлары тоғай хожалығы нәлханасынан районда жайласқан мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлерден тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине қараслы емлеў мәкемелерине 20 мың, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине 10500 түп терек нәллерин жетистирип бердик.
Әйне күнлерде нәлханымызда терек, гүл ҳәм өсимликлердиң туқымлары жыйналып, жерлеримиз егиске таярланбақта.
Ҳақыйқатында да, тоғай хожалығы хызметкерлериниң ўақыт пенен санаспастан мийнет етиўиниң нәтийжесинде, нәлханада ҳәр қыйлы терек, гүл ҳәм дәрилик өсимликлердиң нәллери өсип жетистирилмекте. Бул болса, Президентимиз басламасының аймақларда кеңнен ен жайыўына беккем тийкар болмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы