Бисмиллаҳир раҳманийр раҳийм!
Ҳурметли баслық мырза!
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Глобал сиясат күн тәртибиндеги ең өткир ҳәм аўыр мәселе – Палестина машқаласына бағышланған бүгинги әҳмийетли саммитимизди шөлкемлестиргени ушын Еки муқаддес мешит хызметкери, Саудия Арабстаны Патшасы Уллы мәртебели мырза Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасхор ҳәм Бас министр Уллы мәртебели мырза Муҳаммад бин Салмон Ол Саудқа айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Тилекке қарсы, 2023-жылы Ар-Рияд қаласындағы мәжилистен кейин өткен ўақыт даўамында бул әдалатсыз ҳәм қанлы урыстың көлеми және де кеңейди.
Дүнья жәмийетшилигиниң исенимли ҳәрекети ҳәм шақырықларына қарамастан, халықаралық нормалар ҳәм резолюциялардың қопал түрде бузылыўы даўам етпекте. Урыс жалыны енди Ливан аймағын да қамтып алғаны бәршемизди қатты тәшўишке салмақта.
Кәсиплеслерим өз шығып сөйлеўлеринде айтып өткениндей, мың-мыңлаған бийгүнә балалар, ҳаял-қызлар ҳәм кекселердиң өлимине себеп болып атырған бул ўайран етиўши ҳәм аянышлы ҳүжимлер адамзат жаңа тарийхының ең қара бетине айланбақта.
Социаллық инфраструктура объектлери, мектеп ҳәм емлеўханалар, мешит, пүткил баслы қалалар жоқ етип тасланып атырғаны, миллионлаған тыныш халық баспанасыз қалып, ашлық ҳәм кеселликлерге тап болып атырғанын бийқайғы бақлаў мүмкин емес.
Ең жаманы, ҳәммемиз гүўа болып атырғанымыздай, бул апатшылыққа халықаралық майданда еки түрли стандартлар тийкарында қаралмақта. Бул болса урыстың кең жайылып кетиў итималын кескин арттырмақта, халықаралық қәўипсизликке аўыр қәўип салмақта.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Өзбекстан Палестина – Израиль машқаласын тынышлық ҳәм дипломатиялық жол менен шешиўге қаратылған барлық әмелий басламаларды толық қоллап-қуўатлайды.
Бул бағдарда бүгинги саммитимизде улыўма сиясий екр-ықрар ҳәм бирликти көрсетип, глобал ҳәм регион дәрежесинде нәтийжели механизмлер ҳәм анық шешимлер ислеп шығыў, турмысқа тезирек енгизилиўине исенемиз.
Гәп, ең дәслеп, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм Қәўипсизлик Кеңесиниң бул көп жыллық келиспеўшиликти шешиўдеги орны ҳәм тәсирин түпкиликли арттырыў ҳаққында бармақта.
Әскерий ҳәрекетлерди тезлик пенен тоқтатыў, қәўипсиз гуманитарлық коридорларды тәмийинлеў ҳәм ең тийкарғысы – тынышлық сөйлесиўлерин баслаў мәселелери бул универсал халықаралық структураның турақлы итибар орайында турыўы мақсетке муўапық болып табылады.
Екиншиден, 15-ноябрь күни жапакеш Палестина халқы өзиниң миллий байрамы – Палестина Мәмлекети жәрияланған күнди белгилейди.
Әлбетте, бул әййемги ҳәм бай тарийхқа ийе халық 1967-жылдағы шегаралар шеңберинде, пайтахты Қуддус болған болған ғәрезсиз ҳәм азат мәмлекетти дүзиўге толық ҳақылы. Бул бағдарда биз Саудия Арабстанының басламасы менен шөлкемлестирилген Еки мәмлекет шешими ушын глобал альянс жумысын ҳәр тәреплеме мақуллаймыз.
Үшиншиден, Палестина ҳәм Ливан аймағындағы узыққа созылатуғын гуманитарлық кризистиң алдын алыў мақсетинде мәмлекетлеримиз тәрепинен ҳәм жетекши халықаралық шөлкемлер шеңберинде жәрдем көлемин кеңейтиўимиз керек.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң үлкен тәжирийбеге ийе болған Арнаўлы агентлиги ҳәм басқа институтлары ның жумысына зәрүр жәрдемди арттырыў тәрептарымыз.
Усы орында биз урыста жәбирленген палестиналы балалар ҳәм ҳаял-қызларды Өзбекстан емлеўханаларында бийғәрез емлеўге таяр екенимизди билдиремиз.
Биз Палестина халқына әмелий жәрдем көрсетиў мәселелерин келеси жылы Самарқандта өтетуғын «Араб буғазы мәмлекетлери – Орайлық Азия» саммитинде де додалаў нийетиндемиз.
Төртиншиден, Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде муқаддес Ал-Ақса мешити, Қуддустағы басқа сийрек ушырасатуғын тарийхый-мәдений естеликлердиң қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм оларды зыянсыз сақлап қалыў мәселелерине үлкен итибар қаратыў керек.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Бүгинги айрықша ушырасыўымыз Жақын Шығыс машқаласын шешиўде үлкен қәдем болады, деп үмит етемен.
Аллаҳтан дүньяда тынышлық ҳәм қәтержамлық байлығын зыяда етиўин ҳәм үмметимиздиң татыўлығын және де беккем етиўин сорап қаламан.