2024-жыл 19-октябрьде «Социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасының жетистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам күшке кирди.
– Халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, оларды енгизиў механизмлерин жетилистириў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлемин ҳәм түрлерин кеңейтиўге итибар күшейди, – деди Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери көмитетиниң баслығы Одилжон Иминов. – Атап айтқанда, халықты социаллық қорғаў тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын структура – Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди.
Социаллық бағдарламаны қаржыландырыў қәрежетлери жалпы ишки өним (ЖИӨ)ге байланыслы 2 есеге артып, кем тәмийинленген напақа алатуғын шаңарақларды қамтып алыўы 5 есеге көбейгенлигин атап өтиў зәрүр. Майыплығы болған шахслар ҳәм майыплығы болған балаларды тәрбиялаў менен бәнт болғанлар ушын напақа түрлери енгизилди.
Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституцияның 46-статьясында ҳәр ким қартайғанда, мийнет қәбилетин жойытқанда, жумыссызлықта, сондай-ақ, бағыўшысын жойытқанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайларда социаллық тәмийнат ҳуқықына ийе екени ҳәм нызамда белгиленген пенсиялар, напақалар ҳәм басқа түрдеги социаллық жәрдемниң муғдарлары рәсмий белгиленген ең аз тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емес екени атап өтилген.
Соған бола, Конституцияда мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз кекселер, майыплығы болған шахслар және халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж болған басқа категорияларының хуқықлары мәмлекетлик қорғаўда болыўы белгиленген усы тараўда бирден-бир қатнас жасаў тийкарында реформалаў зәрүр екенлигин дәлийлледи.
Соннан келип шығып, қабыл етилген усы нызам менен Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар ҳәм балалар менен ислесиў бойынша ўәкилликлери белгиленди.
Соның менен бирге, енди халыққа социаллық хызмет көрсетиў ҳәм жәрдем бериў мәселелерине байланыслы нормативлик-хуқықый ҳүжжет жойбарлары мәжбүрий тәртипте Социаллық қорғаў миллий агентлиги менен келисиледи.
Нызамға басқалардыӊ тәрбиясына мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз кексе ҳәм майыплығы болған шахслардың социаллық қорғалыўын күшейтиў менен байланыслы нормалар да киргизилди.
«Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында»ғы нызамның 9-статьясында қайтыс болған шахстың өмирлик жолдасы, ата-анасы, перзентлери ҳәм басқа туўысқанларына ямаса нызамлы ўәкилине, олар болмағанда жерлеўди әмелге асырыў миннетин өз жуўапкершилигине алған басқа шахсқа жерлеў ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан напақа бериледи. Енди бул Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.
Нызамшылықта Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен киргизилип атырған даўалар, арзалар ҳәм шағымлар бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар менен өзгерислер киргизилди. Енди олар ҳаял-қызлардың, балалардың, аўыр аўҳалға түсип қалған ҳәм аўыр аўҳалға түсип қалыў қәўипи жоқары болған шахслар ҳәм шаңарақлардың мәплерин гөзлеп судқа мүрәжат еткенде, мәмлекетлик бажыдан азат етиледи.
«Ҳаял-қызларды зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамға Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ҳаял-қызларды зорлықтан қорғаў тараўындағы ўәкилликлерин толықтырыў менен байланыслы қосымшалар менен өзгерислер киргизилди.
Нызам халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, қорғаў механизмлерин жетилистириўге имкан жаратты. Енди мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлери кеңейтиледи. Жәмийетте халыққа социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўде машқалалар менен тосқынлықларды сапластырыўға маўасасызлық мүнәсибети қәлиплеседи.
Соның менен бирге, нызам инсан хуқықлары ҳәм олардың нызамлы мәплерин исенимли түрде хуқықый қорғаўға, хуқықый механизмлерди миллий нызамшылығымызда беккемлеўге хызмет етеди.
Норгул Абдураимова,
ӨзА