Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатларының сайлаўын бақлаў миссиясы ўәкиллери Ташкентте өз жумысын жуўмақлады.

Усы мүнәсибет пенен Орайлық сайлаў комиссиясында ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясы басшысы Уэйк Дуглас Брюс, оның орынбасары Иоанну Димитра, сайлаўлар бойынша аналитик Тейлор Крис Жонның қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Бизге белгили, бул миссия тийкарғы топар қурамындағы 17 эксперт ҳәм республика бойлап сапарда болған 26 узақ мүддетли бақлаўшыдан ибарат еди.

Сайлаў күни 33 мәмлекеттен 322 бақлаўшы, соның ишинде ДИИҲБның 223 узақ ҳәм қысқа мүддетли бақлаўшысы ҳәм ЕҚБШ Парламент ассамблеясынан 56 делегат процесске тартылды.

ЕҚБШ қысқа мүддетли миссиясына арнаўлы муўапықластырыўшы ҳәм жетекши А.Гулиев басшылық етти. Д.Уэйк басшылығындағы ДИИҲБ ўәкиллери мәмлекетимизде быйыл 23-сентябрь күни жумыс баслаған еди.

Бақлаў даўамында сайлаўға таярлық көриў ҳәм бул әҳмийетли сиясий илажды өткериўде ЕҚБШ миннетлемеси, демократиялық сайлаў менен байланыслы басқа да халықаралық стандартлар, сондай-ақ, миллий сайлаў нызам ҳүжжетлериниң қағыйдаларына сәйкеслиги көзқарасынан мониторинг алып барылды.

Ушырасыўда «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатларының сайлаўы бойынша миссияның дәслепки нәтийже ҳәм жуўмақлар ҳаққындағы билдириўи» усынылды.

Өз гезегинде, миссия басшысы Д.Уэйк ушырасыў ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирип, соңғы жыллары ЕҚБШ ДИИҲБ ҳәм Өзбекстан арасында сайлаў тараўында енгизилген ҳәм күн сайын беккемленип баратырған бирге ислесиў заманагөй тенденцияларға сәйкес тәжирийбени енгизиўге хызмет етип атырғанын атап өтти.

– Миссиямыз соңында және бир ушырасыў өткерилиўи ҳәр еки тәреп ушын пайдалы, деди миссия басшысы. – ОСК ағзаларының сайлаў қандай өткени ҳаққындағы пикири ҳәм таллаўларын тыңладық. Соның менен бирге, биз де жуўмақларымыз бенен ортақластық. Сөйлесиўде унамлы тенденциялар, яғный сайлаўға жоқары дәрежеде таярлық көрилгени, инновациялық технологиялар нәтийжели қолланғаны сыяқлы итибар қаратылыўы керек болған өзгешеликлер додаланды. ЕҚБШ ДИИҲБ Өзбекстан менен избе-из бирге ислесип келеди ҳәм даўыс бериў процесин және де жетилистириўде бул бул байланыслар әҳмийетли орын ийелейтуғынына исенемиз.

Бир затты айрықша атап өтиўим керек, тек ғана Орайлық сайлаў комиссиясы емес, ал пүткил Өзбекстан бойлап мыңлаған сайлаў участкаларының ағзалары, мәмлекет пуқаралары бул әҳмийетли сиясий процессте белсене қатнасты.

Сөйлесиў ўақтында ОСК баслығы сырт елли бирге ислесиўшилерге мониторинг ҳәм бақлаў процесинде алып барған жумысы ушын миннетдаршылық билдирди. Келешекте олар тәрепинен берилген пикир-усыныслар сайлаў нызамшылығын жетилистириўде инабатқа алынатуғынын атап өтти.

Сәўбет даўамында тәреплер ОСК ҳәм ЕҚБШ ДИҲҲБ арасында нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша да пикир алысты.

Келешекте ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясы тәрепинен сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тараўындағы әмелиятты, тийисли нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге қаратылған пикир-усынысларды өз ишине алған жуўмақлаўшы есабат таярланады.

Мусылман Зиё, ӨзА