Жақында Россияның Қазан қаласында болып өткен БРИКС XVI саммитинде 13 мәмлекет структураға шерик статусын алды: Түркия, Қазақстан, Өзбекстан, Алжир, Беларусь, Боливия, Куба, Индонезия, Малайзия, Нигерия, Таиланд, Уганда ҳәм Вьетнам.

Әнжуман шеңберинде Әзербайжан ҳәм Армения жетекшилери ушырасты

Тынышлық шәртнамасы, шегараны делимитациялаў ҳәм демаркациялаў мәселелери еки мәмлекет басшылары ушырасыўының тийкарғы темасы болды.

Сәўбет жуўмағында еки мәмлекет ТИВ басшылығына тынышлық шәртнамасына тезирек қол қойыў ҳәм өз-ара қатнасық орнатыў мақсетинде келисимди даўам еттириў ҳаққында көрсетпе берилди.

«Bild» газетасы: Ҳиндстан Түркияның БРИКСке ағза болыўына қарсы

Буған Анкараның Пакистан менен мүнәсибети жақсылығы себеп етип көрсетилген. Өз гезегинде Түркия Президенти жанындағы жалған хабарлар тарқатылыўына қарсы гүресиў орайы бул мағлыўматты бийкарлады.

Индонезия БРИКСке қосылмақшы

Бул ҳаққында мәмлекет СИМ баслығы Сугунио БРИКС жуўмағы бойынша тарқатқан баянатында айтып өтти. Ол «БРИКС плюс» саммитинде Индонезияның структураға қосылыў қәлеўин билдирип, мәмлекети раўажланған ҳәм раўажланып атырған мәмлекетлер арасында көпир ўазыйпасы болатуғынын айтты.

Иран Президенти БРИКСти санкция, урыс ҳәм геноцидсиз дүнья қурыўға шақырды.

Иран Президенти Масъуд Пезешкиён БРИКСти санкция ҳәм урыстан жырақ жақсырақ дүнья қурыўға шақырған, бар халықаралық институтлар Жақын Шығыстағы қураллы жәнжеллер өртин өшириўге ерисе алмайтуғынын айтты.

Ҳақыйқатында, бул мәмлекет бирлеспениң турақлы ағзасы сыпатында дәслепки мәрте саммитте қатнаспақта.

Европа кеңеси баслығы Шарль Мишель БРИКС ҳаққында…

Ноябрь айы ақырында лаўазымын тәрк етип атырған Европа Кеңеси баслығы Шарль Мишель «Financial Times» газетасына берген интервьюинде Европа Аўқамын дүньяның басқа бөлеклери ушын «лекция» оқыўды тоқтатыўға шақырды. Егер бирлеспе Россия ҳәм Қытай тәсири кеңейиўине қарсылық етпекши болса, раўажланып атырған мәмлекетлерге көбирек ҳүрмет көрсетиўи керек, деди ол.

Чжан Мин: Қазан – жүдә шырайлы қала

БРИКС саммитине сапар еткен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ) баслығы Чжан Мин «РИА Новости»ге берген интервьюинде Қазанға дәслепки мәрте келгенин атап өтип, қала таза, көп әсирлик тарийхқа, бай мәдениятқа ийе екенин атап өтти.

– Бул жерде түрли динлер өз-ара дос, бир-бирин ҳүрмет етеди, – деди ол.

Украина Президенти БМШ Бас хаткерин БРИКС саммитине сапары ушын қаралады.

– Бирлескен Миллетлер Шөлкеми күнинде (24-октябрь – БМШ күни – редакция) дүнья бул шөлкем Режеси принциплери, структураны жаратыўдан гөзленген мақсетти умытпаўы әҳмийетли, – деп жазды ол социаллық тармақта. – Егер айырым ҳәмелдарлары БМШ Режеси мазмунынан бола, Қазанды абзал көрсе де.

 

С.Раҳимов, ӨзА