Филиппинниң арқа-шығысында «Трами» суў тасқыны себепли бақланып атырған күшли жаўын, суў тасқынлары ҳәм унырап қулаўлар нәтийжесинде  қайтыс болғанлардың саны 85 адамға жетти.

Manila Times газетасының мәмлекет Пуқаралық қорғаныў бюросына сүйенип жазыўынша, қурбанлар ҳәм жарақат алғанлар саны артыўы мүмкин.

Тәбийғый апат себепли 5,7 миллион адам өз үйин тәрк етиўге мәжбүр болды, 92 мыңға шамаласы болса ўақтыншалық жасаў орайларында, деп мәлим етти Тәбийғый апатлар қәўипин азайтыў ҳәм басқарыў миллий кеңеси.

«Суў тасқыны ақыбетлери себепли 27 мыңнан аслам үй, 520 жол ҳәм 84 көпир зыян көрген», – делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги