Оператив-излеў илажлары системаларының техникалық қуралларын республика аймағына алып кириўде телекоммуникациялар операторларына салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилмекте.

Салық кодексине киргизилип атырған қосымшаға муўапық, ендигиден былай арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен республика аймағына алып кирилетуғын оператив-излеў илажлары системалы техникалық қураллары салық салыўдан азат етиледи ҳәм бул техникалық қураллар салық салыў объекти болып есапланбайды.

Бул Сенат жалпы мәжилисинде көрип шығылған «Өзбекстан Республикасының Салық ҳәм Бажыхана кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамда нәзерде тутылған.

Бажыхана кодексине жоқарыда көрсетилген техникалық қуралларды бажыхана бажысын төлеўден азат етиў түринде тариф жеңилликлери берилиўин нәзерде тутыўшы қосымша киргизилмекте.

Сондай-ақ, әскерий хызметти нәзерде тутыўшы басқа уйымлар әскерий жүклер бажыхана рәсмийлестириўинде бажыхана жыйымын төлеўден азат етилмекте.

Сенаторлар мақуллаған нызам белгиленген салық ҳәм бажыхана жеңилликлеринен оператив-излеў илажлары системаларының техникалық қуралларын республика аймағына алып кириўде пайдаланыў тәртибин және де жетилистириўге ҳәм оператив-излеў илажларының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Н.Абдураимова,

Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА