Футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының Элит-2 турнириниң 3-тур ойынлары болып өтти.

Олардың биринде Қаршының «Насаф» клубы Иорданияға сапар етип, жергиликли «Ал Ҳуссейн»  командасына қарсы гүрес алып барды.

Ушырасыўдың биринши таймында есап ашылмады. Екинши таймда да командалар сақлық пенен ҳәрекет етти ҳәм ойынның ақырғы минутларына шекем дәрўазаларға гол урылмады.

Бирақ, ойынның 87 ҳәм 90+1 минутларында майдан ийелери футболшысы Ал-Ҳаж Абдувоҳид Неъматов дәрўазасына еки мәрте гол урыўға миясар болды.

Буннан соң «Насаф» футболшылары да гол урыўға ҳәрекет етти ҳәм ойын соңында Виктор да Сильва арадағы есапты қысқартыўға еристи.

Өткерилген бул ойыннан соң Рўзиқул Бердиев шәкиртлери  өз топарында биринши орыннан үшинши орынға түсип кетти ҳәм ҳәзирги ўақытта 4 упай менен «Шабоб ал Аҳли» ҳәм «Ал Ҳуссейн» клубынан артта келмекете.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы