Пайтахтымыздағы 1-санлы Республикалық туберкулёзге қарсы гүресиў диспансеринде Жәмийеттиң саламатлығын ҳәм денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў илимий-изертлеў институты Қарақалпақстан Республикалық бөлими тәрепинен «30-июль – Пүткил дүнья жүзилик адам саўдасына қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен мәжилис шөлкемлестирилди.

Илажды усы диспансердиң бас шыпакери, профессор П.Назиров алып барды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы 2003-жыл 12-декабрьде БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1950-жылы қабыл етилген «Адам саўдасы ҳәм бузықшылықтың үшинши шахслар тәрепинен ислетилиўине қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Конвенциясына қосылды.

 

Соннан берли Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, 2008-жыл 17-апрельде Өзбекстан Республикасының  «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди.

Сондай-ақ, илажда АИЖС, туберкулёз, гепатит сыяқлы кеселликлер ҳәм оған қарсы гүресиў усыллары, оның алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар туўралы да кең түрде мағлыўматлар берилип, шет елге шығып, келип атырған пуқаралардың медициналық тексериўлерден өтиўин қадағалаўды еле де күшейтиў, үгит-нәсият жумысларын арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.