Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаевтың «Қарақалпақстан» телеканалының «Ҳәптелик» информациялық бағдарламасына берген интервьюсында быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасындағы 6 жоқары оқыў орнына 39 мыңнан аслам абитуриент ҳүжжет тапсырғанын мәлим етти.

Быйылғы жылы Қарақалпақстанда тест сынақлары еки орында:

1. Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт тәжирийбе мектеби (4 имарат, 28 топар, 840 орын);

2. Нөкис олимпия резервлери колледжи (2 имарат, 28 топар, 840 орын)нде болып өтетуғынлығы ҳаққында хабар берген едик.

Егер бир сменада усы еки орында 1680 абитуриент тест сынақларына қатнасса, бул еки сменада 3360 ты қурайды. Бул болса тест процесин 1-12-август күнлери аралығында жуўмақлаў имканиятын береди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.