Өзбекстан Республикасы Президенти «Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Мәмлекетимизде инсан ресурсларын раўажландырыў арқалы ишки ҳәм сыртқы мийнет базарын реформалаў, кәмбағаллықты қысқартыў ушын бәнтликтиң прогрессив түрлерин қолланыў, тараўда көрсетилип атырған хызметлер сапасын және де арттырыў ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында мүнәсип мийнет принциплерин кеңнен енгизиў илажлары әмелге асырылмақта.

Бул илажлардың избе-излигин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген қарарға муўапық төмендегилер нәзерде тутылған.

Бириншиден, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигин (кейинги орынларда – Министрлик) тикеллей мәҳәллелерде ислеў системасы енгизилмекте. Атап айтқанда:

Мәҳәлле кесиминде ислесиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине өткерилмекте ҳәм министрликтиң аймақлық бөлимлеринде «жойбарлық қатнас» принципи тийкарында жумыс шөлкемлестирилип хызметкерлер халық ҳәм исбилерменлер менен тиккелей жумыс ислеўши жойбар топарларына (фронт офис) ҳәм бөлимниң улыўма жумысын таллаўшы топарларға (бэк офис) бөлинеди.

Министрликтиң районлық бөлимлери, район ҳәкимлиги ҳәм АПЖ арасында мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша үш тәреплеме «мәҳәлле шәртнама»лары дүзиледи. Онда, бул шәртнамада Министрлик районлық бөлим ҳәм ҳәкимият – инфраструктураны жақсылаў, халықтың дәрамат дәрегин арттырыўға шараят жаратыўға, мәҳәлле баслығы – халықты жумысқа тартыў, аймағын абаданластырыў, жынаятшылықты азайтыў сыяқлы ўазыйпаларға жуўапкер болады.

Жойбарлық қатнас тийкарында жумыслар төмендегише шөлкеслестириледи:

аўыр жағдайдағы 1000 мәҳәллениң инфраструктурасын жақсылаў (электр энергиясы, интернет, суў тәмийнаты) ушын қаржылар Министрлик тәрепинен ислеп шығылған жойбарлар тийкарында ажыратылады;

Министрлик жанында жоқары нәтийжеге ерискен 50 ҳәким жәрдемшилеринен ибарат «жойбарлаў менеджерлери» топары шөлкемлестириледи ҳәм ҳәким жәрдемшиси көрсеткиши төмен районға бириктириледи ҳәм олар өз тәжирийбесин усы мәҳәллелерде енгизеди;

100 ең үлгили микрожойбарлар каталоги жаратылады ҳәм ҳәким жәрдемшилери арқалы барлық аймақларда ғалаба ен жайдырылады;

2025-жылы 167 районның жәми 6680 гектар  майданында «бир контур – бир өним» принципи тийкарында жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша үлги жойбарлар әмелге асырылады;

2026-жылы ҳәр бир ўәлаятта кеминде 2 еўден көп қабатлы комплексли санаат орайларын қурыў ҳәм исбилерменлерди жайластырыў жойбарлары әмелге асырылады;

санаат кирип бармаған мәҳәллелерде 2025-жылы 1000, 2026-жылы 2000 аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм киши өндирислик жойбарлары иске қосылады;

ҳәр жылы кеминде 500 өнерментшилик ҳәм жумысты үйге бөлип алып ислеў жумыслары мәҳәллениң өзинде енгизиледи;

2025-жылы 2000 мәҳәлледе, 2026-жылы қалған 2122 мәҳәлледе потенциаллы исбилерменлер, экспортёрлар ҳәм брокерлер менен биргеликте жетекши исбилерменлердиң жумысы жолға қойылады (ҳәзирги ўақытта 5323 мәҳәлледе бар);

қәнигелескен мәҳәллелер саны ҳәр жылы 10 процентке арттырып барылады;

ҳәр жылы 50 мың өзин-өзи бәнт еткен пуқараларды басқышпа-басқыш  киши бизнес субъектлерине айландырыў илажлары көриледи.

Екиншиден, бәнтликти үйрениў тийкарында жумыссызларды кәсиплерге мақсетли оқытыўды инабатқа алған ҳалда кәсиплик көнликпелер орайлары шөлкемлестириледи. Онда:

орайларда жумыс бериўшилердиң талабына бейимлестирилген экспресс-курслар шөлкемлестириледи ҳәм әмелий көнликпелерди тиккелей жумыс орнында қәлиплестириў системасы жаратылады;

орайларда халықаралық тән алынған бағдарламалар енгизиледи ҳәм сырт елде тән алынатуғын сертификатлар берилиўи жолға қойылады;

оқытыў процесине жеке меншик сектор кеңнен тартылады ҳәм жумыссызларды кәсип ҳәм шет тилине мәмлекетлик буйыртпа тийкарында оқытыў шөлкемлестириледи. Онда:

Министрлик талап жоқары болған кәсип ҳәм шет тиллери ҳәм оқытқаны ушын төленетуғын мәмлекетлик грант муғдарын белгилейди;

жумыссызларға кәсип ҳәм шет тилине оқытатуғын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди еркин таңлаў ҳуқықы бериледи;

пуқара таңлаған билимлендириў шөлкемине грант қаржыларының 50 проценти оқыў басланыўынан алдын, қалған бөлеги жуўмақлаўшы имтихан табыслы тапсырылғаннан соң төлеп бериледи;

кәсиплик көнликпелер орайы имаратлары оқыў курсларын шөлкемлестириў ушын жеке меншик секторға пайдаланыўға ямаса узақ мүддетли ижараға бериледи;

Вакансиялар платформасы модернизацияланып, жумыс бериўшилер ҳәм жумыс излеўшилердиң «жеке профили» жаратылады ҳәм жыллық 500 мың пуқараның турақлы жумыс пенен тәмийинлениўине ерисиледи;

пуқараларға жумысқа жайласыў жолламасын экстерриториал тәртипте қәлеген бәнтлик уйымлары арқалы алыўға руқсат бериледи;

жеке меншик рекрутинг ҳәм HR компаниялар менен бирге ислесиў ҳәм олар усыныс етип атырған бос жумыс орынларына пуқараларды жайластырыў илажлары көриледи.

Жоқарыда келтирилген илажларды енгизиў нәтийжесинде:

2024-жылдың жуўмағына шекем 500 мың, 2025-жылы 1 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылады.

Онда, кәмбағал халықтың 410 мыңы турақлы жумыс пенен тәмийинленеди, 170 мыңы кәсипке оқытылады ҳәм 430 мыңы исбилерменликке тартылады.

2025-жылдың жуўмағына шекем халықтың кәмбағаллық дәрежеси 6 процентке шекем қысқартылады.

Орынларда жумысты «жойбарлық қатнас» тийкарында шөлкемлестириў ҳәм системаны толық санластырыў есабынан рәсмий емес бәнтлик үлеси ҳәр жылы 1 миллионға азайтылады.

Жумыссызларды мәнзилли анықлаў, оларды жоқары дәраматлы кәсиплерге таярлаў ҳәм жумысқа жайластырыўдың бир пүтин системасы жаратылады.

ӨзА