Хабарыңыз бар, быйылғы жылы жоқары оқыў орынларына қабыллаў бойынша тест сынақлары 1-15-август күнлери аралығында өткериледи.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 2018-2019-оқыў жылы ушын болып өтетуғын тест сынақлары өткерилетуғын сәне мәлим болды.

Тастыйықланған мағлыўматларға қарағанда, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына қабыллаў бойынша тест сынақлары 8-11-август күнлери аралығында болып өтеди.

Еслетип өтемиз, быйылғы тест сынақлары Нөкис қаласындағы еки орында:

1. Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт тәжирийбе мектеби (4 имарат, 28 топар, 840 орын);

2. Нөкис олимпия резервлери колледжи (2 имарат, 28 топар, 840 орын)нде болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.