Быйыл 27-октябрь сәнесинде өткерилетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўына таярлық процесслери қызғын даўам етпекте. Елимиздеги бул сиясий илажда жаслардың қатнасы ҳәм даўысы әҳмийетке ийе. Солай екен, жаслардың сайлаў бойынша сиясий билим ҳәм көнликпелерин байытыў, олардың кеўлинде елдиң ертеңине байланыслылық сезимин арттырыў әҳмийетли орын ийелейди.

Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайында жаслар менен ушырасыў өткерилди. Онда ОСК Баслығы З.Низомхўжаев быйылғы сайлаўлардың жаңаша руўхта өткерилип атырғаны, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар ҳәм олардың мәниси, депутатлыққа талабанлар арасында жаслардың үлеси ҳаққында толық мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, 27-октябрьде өткерилетуғын парламент ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўы жаңаланған Конституциямызда беккемлеп қойылған күшли парламентаризм ҳәм орынларда ўәкилликли уйымлардың ўәкилликлери сезилерли дәрежеде күшейтилген шараятта өтпекте. Мәмлекетимизде биринши мәрте Нызамшылық палатасы депутатлығына сайлаў аралас сайлаў системасы тийкарында болып өтеди. Жасларға бул аралас сайлаў – мажоритар ҳәм пропорционал сайлаў системасының мәниси ҳәм әҳмийети бойынша түсиниклер берилди.

Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм Сайлаў  кодексине муўапық, пуқаралар 18 жастан сайлаў ҳуқықына ийе болады. Быйылғы сайлаўларда 700 мыңға шамалас жаслар биринши мәрте даўыс бериў ҳуқықынан пайдаланады. Бул болса сайлаў нызамшылығының мазмун-мәниси бойынша жаслар арасында үгит-нәсият жумысларын және де күшейтиўди талап етеди. Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң 20 мыңға шамалас жаслары сайлаў комиссияларының жумысында тиккелей қатнасыў арқалы да өзиниң сиясий белсендилигин көрсетип келмекте.

Илажда атап өтилгениндей, миллий сайлаў нызамшылығымызға бола, Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанлар 25 жасқа, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар болса 21 жасқа толған болыўы керек. Быйыл алдыңғы сайлаўларға қарағанда талабанлар да әдеўир жасарған. Быйылғы мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларының сайлаўларында 29 мыңға шамалас депутатлыққа талабанлардың 3 мыңнан артығын жаслар қурайды. Бул да жаңаланған Конституциямыз берген имканият екени атап өтилди.

Соның менен бирге, ушырасыў қатнасыўшыларына миллий сайлаў әмелиятына енгизилген жаңалықлардан және бири – «E-saylov» мәлимлеме системасы ҳәм оның абзаллықлары бойынша ҳәм сайлаў кампаниясының әҳмийетли басқышлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, бул мәлимлеме системасы сайлаўшыларға барлық түрдеги мағлыўматларды алыў имканиятын береди. Соның ишинде, депутатлыққа талабанлар, олардың сайлаўалды бағдарламалары, сиясий партиялар бойынша толық мағлыўмат алыў мүмкин.

Буннан тысқары, илаж қатнасыўшыларының даўыс бериў тәртиби бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде даўыс бериў процесслери, ҳәр бир пуқара өзи жеке даўыс бериўи зәрүр екенлиги түсиндирилди. Сайлаў ҳәм сайланыў – бул жаслардың тек ғана конституциялық ҳуқықы емес, ал пуқаралық миннети де екени атап өтилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда сайлаў комиссияларының жумысы, сайлаўды мүнәсип түрде өткериўде олардың орны ҳәм әҳмийети, Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайының жумысы ҳаққында да мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўда қатнасыўшы жаслар сайлаўға байланыслы пикир-усынысларын билдирди ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап алды.

Жаслардың қатнасыўында бундай илажлардың өткерилиўи биринши мәрте даўыс бериўши жасларда сайлаўлардың мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы әҳмийетиниң қаншелли зәрүр екенлигин, сайлаўда олардың қатнасыўы, даўысы айрықша әҳмийетке ийе екенин түсинип жетиўине хызмет етеди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы