Нью-Йоркта мәмлекетимиз сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен ушырасты.

– БМШ резиденциясында мырза Аинтониу Гутерришке Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сәлемин жеткердик,-деп жазған Б.Саидов социаллық тармақтағы рәсмий бетинде. – Бас хаткерди Бас Ассамблея 79-сессиясының басланғаны ҳәм Келешек саммити табыслы өткени менен қутлықладық.

Республикамыз сыртқы сиясат уйымы жетекшиси өз мәлимлесинде БМШ басшылығы ҳәм структураларының елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бағдарламасын турақлы қоллап-қуўатлап атырғаны жоқары қәдирленетуғынын билдирген.

ӨзА