АҚШтың Қытай пайтахты Пекин қаласында жайласқан елшиханасында жарылыў жүз берди. Бул ҳаққында kun.uz хабар бермекте.

Қытай мәмлекетлик басылымларының мағлыўматларына қарағанда бир ҳаял имарат алдында өзине от қоймақшы болған.

Басқа интернет каналларында болса, елшихана жайласқан аймаққа полицияшылар жетип келген ҳәм ҳаял қолға алынған.

Бул ҳаққында видео және  фото материаллар да тарқалған болып, олардан аймақты толық түтин қаплағанын бақлаў мүмкин.

Ҳәзирше бул ўақыя және жәбирленгенлер ҳаққында толық ҳәм анық мағлыўмат жоқ.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги