Президент Шавкат Мирзиёев 26-сентябрь күни қурылыс, билимлендириў, туризм ҳәм санаат тараўларындағы жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Бизге белгили, быйылғы жылдың 3-апрель күни Жаңа Ташкент қаласында биринши имаратлар қурылысы басланған еди. Мәмлекетимиз басшысы бул үлкен жойбар илим ҳәм ағартыўшылық орынларынан басланып атырғанын атап өтип, «булар ағартыўшы жәмийет қурыў идеямыздың тийкары ҳәм үлгиси болады», деген еди.
Солардан бири – Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, Әдебият музейи ҳәм Миллий мақам орайын өз ишине алған комплекс болып табылады. Ол дүньяға белгили “Zaha Hadid architects” компаниясы тәрепинен жойбарластырылған. Болажақ комплекс өзине тән дизайны ҳәм функционаллығы менен дыққатқа ылайықлы. Онда эстетика ҳәм қолайлық өзине тән үйлестирилип, қоршаған орталық пенен сәйкесликти қурайды. Бул тәреплери менен комплекс келешекте халықаралық туризм орайларынан бирине айланады.
Жаңа Ташкент ушын және бир потенциаллы орын – Шыршық дәрьясы. Халық ҳәм мийманларға заманагөй шараятлар жаратыў мақсетинде оның 6 километрине жақын бөлегинде дем алыў аймағын қурыў мөлшерленген. Буның ушын жағалықлар тәртипке келтирилип, көклемзарластырылады. Мийманхана, саламатландырыў ҳәм кеўилашар орынлар қурылады.
Кейинги жыллары Өзбекстанның ЮНЕСКО менен бирге ислесиўи және де беккемленип бармақта. Бул абырайлы шөлкемниң Бас конференциясының 43-сессиясы 2025-жылы Самарқанд қаласында өткерилиўи белгиленген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 15-марттағы қарарына муўапық, оған таярлық баслап жиберилген.
Презентацияда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм режелер ҳаққында мағлыўмат берилди. Соның ишинде, Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры, ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий комиссиясы ҳәм басқа шөлкемлер менен биргеликте Самарқанд қаласындағы мәдений мийрас объектлерин қәстерлеп-сақлаў, олар бойлап саяхат ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў илажлары көрилмекте. Мийманханалар ҳәм илажлар өткерилетуғын орынларда барлық шараят жаратылады. Сессия қатнасыўшыларының келип кетиўи, мәдений илажлар, транспорт ҳәм медициналық хызметлер муўапықластырып барылады.
Социаллық тараўдағы ең үлкен бағдарлардан бири бул билимлендириў. Халықтың көпшилиги жас болған мәмлекетимизде оның барлық басқышлары избе-из раўажландырылмақта. Соның ишинде, жоқары билимлендириўде де жаңа орынлар қурылып, шараятлар жақсыланбақта.
Бухара мәмлекетлик университетинде 21 мыңнан аслам жаслар оқыйды, 10 факультет, 8 жатақхана бар. Бирақ, имаратлар қаланың түрли аймақларында шашаў жайласқан болып, оқытыўшы ҳәм студентлерге қолайсызлықлар туўдырмақта.
Соның ушын, Бухара қаласының шетинде университет ушын жаңа кампус қурыў режелестирилмекте. 43 гектарда жойбарластырылып атырған комплексте барлық факультетлер, ҳәкимшилик, жатақхана, лаборатория, китапхана, стадион, спорт залы ҳәм амфитеатр тығыз жайласқан. Оқыў ҳәм әмелият ушын заманагөй шараятлар жаратылады. Жатақхана орны 3 мыңнан 6 мыңға артады. Бос майданларға тереклер егилип, бағ жаратылады.
Хийўа қаласы елимиздиң туризм мәнзиллеринен бири. Соңғы жыллардағы қурылыс жумысларының нәтийжесинде оның потенциалы және де артты. Бул жерге келиўшилерге қолайлық жаратыў мақсетинде поезд вокзалы жанында жол өткелин қурыў мөлшерленбекте. Жойбарға бола, 450 метрлик бул жол транспортлардың қатнаўын айрықша шөлкемлестириў имканиятын береди, вокзал ҳәм Ишан қала арасында пиядалар қәўипсиз ҳәрекетленеди.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды жетилистириў, әмелдеги жумыслардың сапасын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.
Презентацияда Ташкент қаласында инвестиция бағдарламаларының орынланыўы ҳаққында да мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың өткен дәўиринде 2 миллиард доллар көлеминдеги инвестициялар өзлестирилген. 200 ге шамалас санаат жойбарлары пайдаланыўға тапсырылып, 25 мыңнан аслам жумыс орны жаратылған. Соның ишинде, Янгиҳаёт районындағы технопаркте 46 кәрхана шөлкемлестирилмекте.
Президентимиз жыл жуўмағына шекем мөлшерленген жойбарларды өз ўақтында иске қосыў, энергияны үнемлеўге айрықша әҳмийет қаратыў зәрүрлигин атап өтти.
ӨзА