Пайтахтымызда Демократиялық процесслерди таллаў орайы тәрепинен «Демократиялық процесслерди және де жетилистириў: заманагөй көзқараслар ҳәм халықаралық тәжирийбе» темасында халықаралық дөгерек сәўбети өткерилди.
Онда мәмлекетимиздеги конституциялық реформалар, халық ҳәкимиятын беккемлеў, жаңа сайлаў системасы ҳәм сиясий бәсекини раўажландырыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеўдеги әҳмийетли қәдемлер ҳәм ерисилген нәтийжелер толық талланды.
Конференцияда сондай-ақ, Уллы Британия, Канада, Әзербайжан, Египет, Пакистан, Россия сыяқлы мәмлекетлерден халықаралық дәрежедеги экспертлер, илимпазлар, сиясаттаныўшылар, белгили қәнигелер қатнасты.
Демократиялық процесслерди таллаў орайы директоры ў.а Азамат Пардаев ҳәм басқалар Өзбекстанда кейинги жыллары болып атырған жаңаланыў процесслери ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етти.
Сөйлесиў даўамында 7-8 жылда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған терең демократиялық реформалар, инсан ҳуқықы менен мәплери әҳмийетли болған Жаңа Өзбекстанды қурыўдағы халықшыл сиясат, социаллық мәмлекетшиликке тийкарланған конституциялық реформалар, гендер теңлиги, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў, мәмлекетлик басқарыўда ҳаял-қызлардың қатнасыўын кеңейтиў, мәмлекетлик уйымлардың есап бериўшилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыўға байланыслы ҳәрекетлер, олардың нәтийжелери атап өтилди.
Илаж қатнасыўшылары соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен дүньяның ең жоқары минберлери, ири халықаралық илажлар, ушырасыўларда алға қойылған ҳәм халықаралық тән алыўларға миясар болған әҳмийетли басламаларға да тоқтап өтти.
– Бул дөрегек сәўбети демократиялық процесслерди және де жетилистириўге байланыслы әҳмийетли мәселелерди толық додалаў ушын қолайлы майдан болып табылады, – деди Әзербайжан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы профессоры, сиясий илимлер докторы, халықаралық эксперт Элшад Мирбашир улы. – Бул додалаўлар өз нәтийжесин береди, әлбетте. Өзбекстанда кейинги жыллардағы өзгерислер жедел түрге енбекте.
– Жаңаланған Конституцияның 36-статьясында Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўда тиккелей өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына ийе екени беккемлеп қойылған, – деди Каир халықаралық коммерция арбитражы регионаллық орайының халықаралық арбитражы, египетли эксперт Мажид Шибата. – Бул Өзбекстан пуқараларының сайлаўларда, ал мәмлекетлик басқарыў процесслеринде өзлери сайлаған ўәкиллери арқалы қатнасыў, мәмлекетлик уйымлардың үстинен жәмийетлик қадағалаўды жолға қойыў имканиятын беретуғынын менен де әҳмиийетли. Сиясий партиялар халық мәплеринен келип шығып өз жумысын жолға қойыўы керек, деп ойлайман.
– Өзбекстандағы сайлаў нормалары халықаралық стандартларға, соның ишинде Европа кеңесиниң Венеция комиссиясы үлгилерине де сәйкес ҳәм ҳәттеки әҳмийетли тәреплери да бар, – деди Россия экономика жоқары мектеби доценти Кирилл Молодико. – Мысалы, Өзбекстанда сайлаўалды даўыс бериў ушын кимниң келмегени қадағалаўға алынбайды ҳәм ҳәттеки жәрияланбайды. Бул процесске толық ерикн тәризде қатнасады. Соның менен бирге, сайлаўалды ушырасыўларда жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен бийпул имаратлар ажыратылатуғыны дыққатқа ылайық.
– Бүгинги дүнья глобал конституциялық өзгерислер процесинде жасамақта, – деди Уллы британиялы эксперт, Бирмингем университетиниң профессоры Крис Торнхилл. – Өзбекстан Конституциясына киргизилген өзгерислер мәмлекеттеги унамлы реформалар, оның халықаралық көлемде өз орнын табыўында үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Итибарлы тәрепи, жаңаланған Конституцияда халықаралық нормалар менен бирге миллийлик те сақлап қалынған. Балалардың мәжбүрий мийнети, ҳаял-қызларды кемситиў толық сапластырылды. Өзбекстанда болып атырған унамлы жаңаланыў процесслери көпшилик сыяқлы мени де оғада қуўандырады.
Дөгерек сәўбети даўамындағы баянатларда жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясы, жаңаша түр ҳәм мәниске ийе сайлаў системасы мысалында елимизде инсан қәдири ҳәм мәплерине итибар, мәмлекетлик басқарыўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын ҳәм белсендилигин арттырыўға байланыслы умтылысларды додалаў орын алды.
Қызғын тәзирде өткен, додалаўларға бай болған әнжуман тек ғана пикир алысыў емес, ал елимизде демократиялық процесслерди және де жеделлестириў бойынша әмелий усыныслар ислеп шығыў ушын да өзине тән майдан болды. Бул сөйлесиў сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм оны миллий әмелиятымыз бенен салыстырыўға, унамлы тәреплерин енгизиўге имканият береди.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы