Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-сентябрь күни Азия инфраструктуралық инвестициялар банки (АИИБ) Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилиси шеңберинде усы жетекши халықаралық қаржы институты президенти Цзинь Лицюнь ҳәм бир қатар арнаўлы делегациялардың басшылары, министрлер ҳәм ири компаниялардың жетекшилерин қабыл етти.
АИИБ президенти Цзинь Лицюнь банктиң тийкарғы илажын Самарқанд қаласында өткериўге ҳәр тәреплеме жәрдемлескени ушын мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық билдирди ҳәм Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпас реформаларды буннан былай да қоллап-қуўатлайтуғынын тастыйықлады.
Өзбекстанның Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен кең көлемли бирге ислесиўин раўажландырыўдың әмелий тәреплери көрип шығылды.
Соңғы жыллары бирге ислесиў ең жоқары дәрежеге көтерилгени миннетдаршылық пенен атап өтилди. Жойбарлар портфели 3 миллиард доллардан артты, бул болса Өзбекстанды АИИБтиң региондағы тийкарғы бенефициарына айландырды ҳәм әмелиятлар көлеми бойынша дүньяда алтыншы орынға шығарды.
Транспорт, энергетика, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, инфраструктура, коммунал тараў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Президенти АИИБ пенен 2030- жылға шекем инфраструктураны раўажландырыў бойынша стратегиялық шериклик бағдарламасын таярлаўға кирисиў басламасын алға қойды.
Тийкарғы бағдарлар сыпатында кәмбағаллықты қысқартыў, Жаңа Ташкентти қурыў, мәмлекетлик – жеке меншик шериклик ҳәм жеке меншик сектор жойбарларын қоллап-қуўатлаў, билимлендириў тараўындағы реформаларға жәрдемлесиў, суў, транспорт ҳәм энергетика инфраструктурасын модернизациялаў сыяқлы тараўлар белгиленди.
Орайлық Азия регионында ири инфраструктура жойбарларын алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан аслам перспективалы жойбарлардан ибарат 2026-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген жаңаланған «жол картасы»на қол қойылды.
Қытай қаржы министри Лань Фоанды қабыл еткен ўақтында министр мәмлекетимиз басшысына Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Қытай арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди жоқары дәрежедеги келисимлерге муўапық кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Қытайдың жетекши банк-қаржы институтлары менен шерикликти беккемлеў, тийкарғы инвестиция жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Ҳиндстан Республикасы қаржы ҳәм корпоратив ислер министри Нирмала Ситхараман да мәмлекетимиз басшысына Ҳиндстан Бас министр Наренда Модидиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Усы жылы ноябрь айында Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин пухта таярлық көрген ҳалда өткериў ҳәм оның шеңберинде Санаат кооперациясы бағдарламасын қабыллаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Энергетика, нефть-химия, санластырыў, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика тараўларында жойбарларды әмелге асырыў, транспорт жолларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан Президентине Қатар Әмири шайх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерген Қатар Мәмлекети қаржы министри Алибин Аҳмад ал-Қуварий менен сөйлесиў даўамында «жасыл» энергетика, транспорт, денсаўлықты сақлаў, туризм, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм басқа бағдарлардағы жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жыл ақырына шекем Доха қаласында Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм биргеликтеги бизнес форумы өткерилетуғынлығы атап өтилди. Сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелерине итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы дүньядағы ири компаниялардан бири, 30 мәмлекетте 100 ден аслам офиси бар “Franklin Templeton” компаниясы бас инвестиция директоры Манраж Секхонды да қабыллап, өз-ара сөйлесиўде Өзбекстан Миллий инвестиция қорын раўажландырыў, стратегиялық мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў ҳәм олардың акцияларын қор базарларына жайластырыў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетлик кәрханалардың нәтийжелилигин арттырыў, капитал базарын раўажландырыў ҳәм “халықшыл IPO” өткериў бойынша бағдарламаларда қатнасыўдан миннетдаршылық билдирди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилисинде қатнасып атырған “Lasselsberger Group” компаниясының тийкарын салыўшысы ҳәм бас директоры Йозеф Ласселсбергерди де қабыл етти.
1957-жылы шөлкемлестирилген “Lasselsberger Group” Европадағы қурылыс материаллары, керамика ҳәм минерал өнимлердиң жетекши ислеп шығарыўшысы болып, жыллық айланысы 20 милилард долларды қурайды.
Ушырасыўда қурылыс материллары санаатында жоқары технологиялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Ҳәзирги ўақытта Самарқанд ўәлаятында қурғақ араласпалар ҳәм микрокальцит ислеп шығарыў, Қашқадарья ўәлаятында мраморды қайта ислеў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Жоқары сападағы алюминий ҳәм мета-каолин, керамогранит, лак-бояў өнимлери ҳәм фиброцемент ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарларды жеделлестириўге келисип алды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан –Саудия Исбилерменлер кеңеси баслығы, “ACWA Power” компаниясы басқармасы баслығы Муҳаммад Абунайян менен ушырасыўда бул компания кең көлемли жойбарларды әмелге асырыўда табыслы бирге ислесип атырғанын, Саудия Арабстаны инвестициясын мәмлекетимизге кеңнен тартыўда “ACWA Power” әҳмийетли орын тутып атырғанын атап өтти.
Энергетика, транспорт, мәлимлеме технологиялары, денсаўлықты сақлаў, ыссылық тәмийнаты тармақларын модернизациялаў, аўыл ҳәм суў хожалығы сыяқлы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды жеделлестириўге келисип алды.
Соның менен мәмлекетимиз басшысының Самарқанд қаласына сапары жуўмақланды.
ӨзА