Самарқанд қаласында 25-26-сентябрь күнлери Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңеси IX жыллық мәжилиси өткерилмекте.
Саммитте 100 ден аслам мәмлекеттен жоқары дәрежели делегациялар, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм басқа халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм ўәкиллери, жетекши сырт ел компанияларының басқарыўшылары ҳәм абырайлы экспертлер – еки мыңға шамалас қатнасыўшы қатнаспақта.
«Ҳәмме ушын турақлы инфраструктура жаратыў» темасында өткерилип атырған гезектеги мәжилис күн тәртибинен глобал экономика ҳәм қаржы тараўларындағы әҳмийетли мәселелер, Азия ҳәм дүньяның басқа регионларында инфраструктураны раўажландырыўдың стратегиялық бағдарламалары ҳәм режелерин додалаў орын алған.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-сентябрь күни Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңеси IX жыллық мәжилисиниң ашылыў сессиясында қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
– Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқаррыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилиси регионымызда биринши мәрте өткерилмекте. Буның ушын Өзбекстан таңланғаны өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған бирге ислесиўимиздиң жоқары үлгиси, деп есаплаймыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан жетекшиси ҳәзирги күнде дүньяда қурамалы геосиясиий жағдай сақланып қалып атырғанын, глобал экономикада турақлылық күшейип, азық-аўқат ҳәм энергия ресурслары кризиси артып, экологиялық машқалалар кескинлесип баратырғанын атап өтти.
Жер жүзи халқының төрттен бир бөлеги таза ишимлик суўы машқаласына дус келмекте, дерлик 800 миллион адам оғада кәмбағаллық шараятында жасап атыр.
Өним жеткерип бериўдиң дәстүрий логистика шынжырлары бузылмақта, бул болса шийки зат ресурслары ҳәм тутыныў товарларының қымбатлаўына алып келди.
Булардың ҳәммеси инфраструктураға болған жүклемени кескин арттырады ҳәм экономиканың раўажланыўына тосқынлық етеди.
2030-жылға шекем дүньяда жаңа ифраструктура жаратыў ушын 15 триллион доллар инвестиция талап етиледи, сырт ел инвестициялар ағымы болса соңғы еки жыл даўамында жылына 10 процентке азайып, қаржылай ресурслардың баҳасы 2 есеге артқан.
Бундай шараятта халықаралық қаржы шөлкемлериниң роли барған сайын артып бармақта.
Бүгинги жойбары портфели 55 миллиард доллар болған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки қысқа ўақыт ишинде жетекши қаржы институтларынан бирине айланғаны айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформалар ҳәм жаңаланыўлар сиясатына тоқтап өтти.
Экономиканы еркинлестириў, халықтың турмыс дәрежеси ҳәм дәраматларын арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди. Усы мақсетлерге ерисиўде халықаралық қаржы институтлары, соның менен бир қатарда, АИИБ менен бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары белгилеп алынды.
Бәринен бурын, исбилерменликти жедел қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, адамлардың дәрамат дәреклерин көбейтиў, халықтың сапалы билимлендириў ҳәм медицинадан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, турақ жай шараятларын жақсылаў, социаллық қорғаўды күшейтиў, алыс аймақларда инфраструктура тармақларын жаратыў арқалы «көп өлшемли» кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасы әмелге асырылмақта.
Инсан капиталын раўажландырыў жойбарларын бирге ислесиўдиң перспективалы бағдары сыпатында белгилеў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы форумның тийкарғы темасын инабатқа алған ҳалда, турақлы инфраструктураны жаратыў тараўында халықаралық қаржы шөлкемлери менен бирге ислесиў бойынша үлкен тәжирийбе топланғанына айрықша тоқтап өтти.
Мәмлекетимизде 2030-жылға шекем 30 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў бағдарламасы қабыл етилген.
Атап айтқанда, Ташкент-Самарқанд ҳәм Ташкент-Әндижан төлемли автомобиль жолларын қурыў, Ташкент-Самарқанд, Самарқанд-Наўайы-Бухара тезжүрер темир жолын қурыў, 6 халықаралық аэропортты модернизациялаў ҳәм басқа әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылады.
АИИБ менен орта қалаларды раўажландырыў ҳәм аўыллық жерлерде инфраструктураны жақсылаў бойынша бирге ислесиў жолға қойылғаны айрықша атап өтилди.
Және бир әҳмийетли бағдар – «жасыл» экономиканы жедел раўажландырыў. Өзбекстанда 2030-жылға барып «жасыл» энергияның үлесин 40 процентке жеткериў мақсет етилген.
Жақын жыллар қуяш, самал ҳәм гидро электр станциялары, инфраструктура объектлери ҳәм тармақларын қурыў режелестирилмекте.
Ири «жасыл» мағлыўматлар орайларын шөлкемлестириў де нәзерде тутылған. Буннан тысқары, қайта тикленияши энергия дәреклери есабынан «жасыл» сертификатлар базары қәлиплестириледи.
Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азияны «жасыл» энергияның ири экспортшысына айландырыўға қаратылған үлкен жумысларды айрықша атап өтти. Буның мысалларынан бири Транскаспий энергия көпириниң қурылысы болып есапланады.
Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен биргеликте Орайлық Азияда «жасыл» энергетиканы раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, ири регионаллық инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўға болған талап артып баратырғанына итибар қаратылды.
«Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолы қурылысы буның айқын мысалы болып табылады.
Ҳәзирги ўақытта Орайлық Азияда азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм суў ресурслары жетиспеўшилиги машқалалары айрықша мәселеге айланбақта.
Мәмлекетимиз басшысы Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен биргеликте суўды үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў бойынша Регионаллық орай шөлкемлестириў басламасын алға қойды.
Президент АИИБдиң Өзбекстанның турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўине қосып атырған үлесин жоқары баҳалады. Бүгинги күнде инфраструктура, энергетика, транспорт, суў тәмийнаты, жеке меншик секторды қоллап-куўатлаў сыяқлы бағдарларды қамтып алган биргеликтеги жойбарлар портфели 3 миллиард доллардан артқан. 4 миллиард долларлық жаңаланған бағдарламаны әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
– Алдағы еки күнде Банк басқарыўшыларының алдында оғада әҳмийетли глобал ҳәм регионаллық машқалаларға заманагөй көзқараслар тийкарында шешимлер табыў, жаңа жойбарлар ҳәм бағдарламаларды додалаў сыяқлы жуўапкершиликли ўазыйпалар турыпты. Сизлер қабыл ететуғын қарарлар Банкке ағза мәмлекетлерде жаайтуғын 6 миллиардтан аслам халықтың күнделикли турмысына тиккелей тәсир етеди, – деди сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы саммит жумысына табыслар тиледи.
Мәжилистиң ашылыў сессиясында Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңеси президенти Цзинь Лицюнь шығып сөйлеп, форумның жоқары дәрежеде өткерилиўиндеги әмелий жәрдеми ушын мәмлекетимиз басшылығына миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, банк президенти АИИБ тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар ҳәм басламалар, олардың шөлкемге ағза мәмлекетлердиң экономикалық-социаллық турмысындағы әҳмийетине итибар қаратты. Келешекте итибар қаратыў керек болған бағдарларды санап өтти.
Азия инфраструктуралық инвестициялар банки – бул көп тәреплеме раўажланыў банки болып, ол турақлы, экологиялық таза ҳәм технологиялық инфраструктураны қаржыландырыў арқалы Азияда ҳәм оннан тысқарыда инсанлардың социаллық ҳәм экономикалық абаданлығын арттырыў менен шуғылланады. Банк турақлы инфраструктураны қоллап-қуўатлаў, шегаралық байланысларды беккемлеў ҳәм жеке меншик капиталды жумсаўға қаратылған. Орайлық Азияда АИИБ регионаллық байланысларды раўажландырыў, энергия ҳәм суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў ҳәм экономикалық өсиўди хошаметлеўде тийкарғы роль атқарады.
Шөлкем 2016-жылы январь айында Пекинде өз жумысын баслаған ҳәм сол ўақыттан берли дүнья бойлап 109 тастыйықланған қатнасыўшыны өз қатарында бирлестирди. Банктиң капитализациясы 100 миллиард долларды қурайды. Банк ири халықаралық кредит рейтинги агентликлери тәрепинен Triple-A рейтингине ийе.
Өзбекстан 2016-жылы ноябрь айында Азия инфраструктуралық инвестициялар банки ағзалары қатарынан орын алған. Соңғы жыллары мәмлекетимиз банктиң ең ири бенефициарларынан бирине айланды.
АИИБдиң жыллық мәжилиси банк қатнасыўшылары, бирге ислесиўши институтлар, бизнес жетекшилери, пуқаралық жәмийети ўәкиллери ҳәм түрли тараўлардың экспертлери менен тығыз бирге ислесиў ушын әҳмийетли платформа болып есапланады. Басқарыўшылар кеңесиниң IX жыллық мәжилиси шеңберинде 25 тен аслам панель додалаўлар өткерилиўи нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, форумның биринши күнги сессияларында АИИБ пенен бизнес алып барыў имканиятлары, ертеңги күн ушын беккем жолларға инвестиция киргизиў, жумыс бериўшиниң глобал таңлаўы – қәбилет ҳәм мәдениятты өзгертиў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў тараўлары ҳәм климат өзгериўиниң оларға тәсири сыяқлы темалар додаланды. Сондай-ақ, форум шеңберинде банк басшылығы ҳәм ағза мәмлекетлер ўәкиллериниң еки тәреплеме ушырасыўлары, жойбарлар презентациялары нәзерде тутылған.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары