Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Қанлыкөл районында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтти.
Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.
Ушырасыўда Мойнақ, Қоңырат, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларындағы исбилерменлер, усы район ҳәкимлери ҳәм жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары қатнасты.
Илажда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди. Ҳәр қандай инвестиция, өндирис ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.
Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап келген машқалалар тыңланды. Билдирилген мүрәжатлердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлер қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги