Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында өтип атырған Азия инфарструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылары кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилисинде шығып сөйледи.

Есап-санақларға бола, Өзбекстанда энергетика, суў, транспорт, IT ҳәм басқа инфраструктураларды жақсылаў ушын жыллық талап жалпы ишки өнимниң 10 процентине тең.

Усы мәнисте, Президент бүгинги әнжуман «Ҳәмме ушын турақлы инфраструктура жаратыў» темасында өткерилип атырғанын алғыслады.

Бул бағдарда халықаралық қаржы шөлкемлери менен тығыз бирге ислесип, үлкен тәжирийбе арттырылды. Соның нәтийжесинде усы тараўларға жеке меншик сектор жедел кирип бармақта.

Өзбекстанда 2030-жылға шекем 30 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў бойынша үлкен бағдарлама қабыл етилген.

Соның ишинде, «Ташкент-Самарқанд» ҳәм «Ташкент- Әндижан» жөнелислеринде төлемли автомобиль жоллары, «Ташкент-Самарқанд», «Самарқанд -Наўайы- Бухара» жөнелислеринде тезжүрер поездлар ушын жаңа темир жол қурыў жойбарлары әмелге асырылады.

Республиканың 6 халықаралық аэропортын модернизациялаў мәмлекетлик-жеке меншик шерикликке бериледи.

Сондай-ақ, келеси бес жылда электр, суў ҳәм газ бөлистириў тармақларын басқарыў жеке операторларға өтеди. Мысалы, Самарқанд ўәлаятының электр тармақларын басқарыўға алыў бойынша өткерилетуғын тендерге 50 ден аслам сырт елли абырайлы компаниялар өз қызығыўшылығын билдирди.

Соның менен бирге, бизде ҳәр жылы 100 мыңнан аслам квартиралы турақ жайлар қурылмақта. Мысалы, Ташкент, Самарқанд, Наманган ҳәм Әндижан сыяқлы ири қалалар ҳәм қалған ўәлаятлардың орайларына жолдас «Жаңа Өзбекстан» қалашаларын қурыў бойынша үлкен жойбарлар әмелге асырылмақта.

Президентимиз орта қалаларды раўажландырыў бойынша 200 миллион долларлық, аўыллық жерлердеги инфраструктураны жақсылаў бойынша 130 миллион долларлық жойбарлар Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен биргеликте басланғанын айрықша атап өтти. Банк ҳәм басқа бирге ислесиўшилер менен бундай инфраструктуралық жойбарлар және де кеңейтилетуғынына исеним билдирди.

ӨзА