Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд қаласында өтип атырған Азия инфраструктуралық инвестициялар банки Басқарыўшылар кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде атап өтти.
Бул бағдарда кейинги тоғыз жылда мектепке шекемги билимлендириў көлеми 27 проценттен 74 процентке арттырылды. Жаңа мектеплер қурылып, қосымша 800 мың оқыўшы орны жаратылды. Жоқары оқыў орынларының саны 200 ден артып, қамтылыў 9 проценттен 38 процентке жетти.
Өзбекстан ендиги 3-4 жылда мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды кеминде 80 процентке жеткериўди мақсет еткен. Оның ушын жеке меншик сектор менен бирге 240 мың орынлық бақшалар қурылады.
Сондай-ақ, келеси жылдан баслап мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында ҳәр жылы барлық қала ҳәм аўылларда ең алдыңғы стандартларға сәйкес келетуғын 100 ден жаңа мектеплерди иске қосыў режелестирилген. Оған келеси жыллары 2 миллиард доллар инвестиция киргизиледи.
Президент билимлендириўдеги жойбарларды халықаралық қаржы шөлкемлери менен бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдары сыпатында белгилеп алыўды усыныс етти.
ӨзА