Ертең 10-сентябрь күни Қырғыз Республикасы пайтахты Бишкек қаласындағы Дөлөн Өмирзақов атындағы стадионда футбол бойынша 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионатының 3-таңлап алыў басқышының 2-тур ойыны болып өтеди.

Онда Сречко Катанец басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы Қырғыз Республикасы футболшылары менен өз-ара беллеседи.

Командалар усы күнге шекем дослық ушырасыўлары шеңберинде 4 мәрте ушырасқан болса, бул ойынлардың барлығында Өзбекстан  сайланды командасы жеңиске ерисиўге миясар болған.

Ал, соңғы ушырасыўды болса, елимиз футболшылары Арқа Корея сайланды командасы менен өткерип, онда 1:0 есабында жеңиске еристи. Қырғыз Республикасы футболшылары болса, 1-турда Иран менен ушырасып, оларға 0:1 есабында жеңилип қалды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы