Президентимиздиң басламасы менен қарақалпақ халқының классик ҳәм лирик шайыры, өзинен әжайып сөз маржанларын мийрас етип қалдырған Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық дәрежеде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилген еди. Усы мүнәсибет пенен орынларда шайыр дөретиўшилигине арналған әдебий илажлар даўам етпекте. Усындай илажлардың бири Мойнақ районлық Руўхый ағартыўшылық сарайында болып өтти.
Илажда атап өтилгениндей, Әжинияз Қосыбай улы ХIХ әсирдеги қарақалпақ халқының уллы данышпан шайыры, қарақалпақ әдебиятының ири тулғасы.
Шайырдың исми ҳәм оның көркем дөретпелери дүнья халықлары арасында кеңнен белгили. Шайыр қарақалпақ әдебиятында лирика, эпикалық поэзияны раўажландырыў менен бирге, айтыс жанрының да шебер дөретиўшиси болып табылады. Әжинияз шайырдың «Қыз Меңеш пенен айтысы» шайырлар айтысының ең жақсы үлгиси. Оның лирикалық шығармалары менен бирге «Бозатаў» поэмасы халқымыздың кеўлинен терең орын алған.
Әжинияз Қосыбай улы өзиниң бийтəкирар ҳəм мазмунлы шығармалары менен халқымыздың мəденияты ҳəм əдебиятын раўажландырыў, жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳəм уллы адамгершилик идеялары тийкарында тəрбиялаў, туўысқан халықлар арасындағы дослық ҳəм әдебий байланысларды беккемлеўге мүнəсип үлес қосқан уллы сөз зергери болып есапланады.
Сөзге шыққанлар оның бийбаҳа шығармалары түркмен, қазақ, қырғыз ҳəм басқа да туўысқан халықлар тəрепинен де сүйип оқылып атырғанлығын атап өтти.
Илаж жуўмағында Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң мүддетли әскерий хызмет ўазыйпасын өтеп атырған әскерлери мəлимлеме китапхана орайы тəрепинен шөлкемлестирилген китаплар көргизбесин тамаша етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги