Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-апрельдеги “Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын арттырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарары аўыл хожалығындағы жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы азық-аўқат егинлерин жетистириўди көбейтиў, халықтың, соның ишинде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың дәраматын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Беруний районында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын жасларга 400 гектардан зыят өнимдарлы жер майданы ажыратып берилди. Усы ажыратылған жер майданлары “мәҳәлле жетилиги”ниң усынысы тийкарында дүзилген дизимге киргизилген 630 жас электрон онлайн аукцион саўдалары “E-auksion” электрон саўда платформасы арқалы утып алыўға еристи.
Шаббаз қаўынларының мазасы әзелден республикамызда ғана емес, ал оның тысқарысында кеңнен белгили болып, бүгинги күни өзиниң мазасын ҳәм сырын сақлап қалған. Тийкарғы сыры Әмиўдәрьяның суўынан деген пикирлер де бар. Әсиресе, гүз айларында писип, келеси жылдың май айына шекем сақланып туратуғын “Aндирхан” сорты олардың арасында жетекшиси есапланады.
Дослық аўыл пуқаралар жыйынында жасларға 30 жыл мүддетке ижара шәртнамасы тийкарында ажыратылған жерлерге егилген қаўынлардың өними быйыл ҳәр жылдағыдан өзгеше болды. Бул қаўынлардың тийкарғы қарыйдары Хорезм ўәлаятының турғынлары, дейди биз бенен сәўбетте жаслардың бири Жанибек Алымбаев. Ең үлкен қаўынлар 10-12 килограмм салмақты басады. 1 гектар жерден кеминде 40 миллион сумга шекем дәрамат алыўға болады.
Жаслар жетекшилериниң жәрдеми менен Лалазар мәкан пуқаралар жыйынындағы 13 жасқа райондағы Наўайы аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 30 сотыхтан жер майданы ажыратып берилди. Бул жерлерден “Бир контур-бир өним” усылында капуста ҳәм гешир жетистирилмекте. Ҳәзирги ўақытта бул өнимлер писип жетилисип, жыйнап-терип алыў алдында тур. Жаслар быйылғы өнимнен 30 миллионға шекем дәрамат алыўды мақсет еткен.
Aдолат Қаландарова Беруний аўыл пуқаралар жыйынында жасайды. Ол да “E-auksion” платформасы тийкарында 30 жыл мүддетке ижара шәртнамасы арқалы 1 гектар жер алып, капуста ҳәм болгар бурышын екти. Өнимлер ҳәзир писип жетилиспекте. Гүзги ҳәр бир капуста 8-10 килограм салмаққа ийе болады. Бул өз ўақтында берилген тәрбияның нәтийжеси болып табылады.
Туран мәкан пуқаралар жыйынында 1 мың 348 жас болып, соннан 20 жасқа қарар тийкарында “E-auksion” электрон таңлаўы арқалы жер майданы ажыратылып, суўды аз талап ететуғын егинлер тәрбиялап келинбекте. Бул жумысларда оларға аймақтағы фермер хожалықлары ҳәр тәреплеме жәрдем бермекте.
Аймақ жасларынан бири Аброр Шамуратов бир жылдан аслам ўақыт Россия мәмлекетинде қурылыс тараўында жумыс ислеп, миграциядан қайтқаннан кейин дийқаншылықтың сырларын үйренбекте. Жаслар жетекшисиниң жәдеми менен “Жаслар дәптери”не киргизилген оған шәртнама тийкарында 30 сотых жер ажыратып берилди.
Тәкирар егин сыпатында айбағар егилип, өзи қатарлы жаслар менен тәрбия жумысларын алып бармақта. Бул егинниң абзаллығы 80-140 күнде писип жетиледи. Тәрбия жумыслары өз ўақтында сапалы алып барылса, мол өним алыўға болады. Дийқаншылық пенен шуғылланып атырған жаслар сырт еллерге шықпастан өзимизде мийнет етсең, мол дәрамат алыўға болатуғынын әмелде дәлиллемекте. Буның менен шекленип қалмастан, жумысын еле де кеңейтиўди мақсет еткен.
Районда жер менен тиллесип, тек ғана өзиниң емес, ал заманласларының бәнтлигин тәмийинлеп, шаңарағына дәрамат киргизип атырған жаслардың қатары артып бармақта. Бул Президентимиздиң жасларға болған айрықша итибары және ғамқорлығының, соның менен бирге оларға берилип атырған жеңилликлердиң унамлы нәтийжеси болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги