16-сентябрь, дүйшемби күни Таў-кән санааты ҳәм геология министриниң биринши орынбасары О. Насриддинхўжаев ҳәм АҚШтың Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқық елшиси Жонатан Ҳеник пайдалы қазылмалар бойынша бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде әҳмийетли шийки затлар тараўында (CRM) өз-ара келисим меморандумына қол қойды.
Пайдалы қазылмалар бойынша сөйлесиўди баслаў бағдарында 2023-жылы сентябрьде Нью-Йорк қаласында еки мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги ушырасыўында биринши қәдем тасланған еди.
«Бул меморандум Америка Қурама Штатлары ҳәм Өзбекстанның сол ис- ҳәрекетлерин алға қойыў, экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў жолындағы дәслепки қәдемлерден бири болды.
Келисимнен гөзленген мақсет, мәмлекетлер арасында керекли шийки затлар тараўындағы бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў, басқа бағдарлардағы қатнасықларды да раўажландырыўдан ибарат», – делинеди Кән-геология министрлиги мәлимлеме хызмети хабарында.
Атап өтилгениндей, бул ҳүжжет әҳмийетли шийки зат тараўында АҚШ- Өзбекстан сөйлесиўиниң даўам етиўине, геологиялық излеў, қазып алыў ҳәм қосымша қунлы өним шынжырын жаратыў жолында әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги