Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты қәнигелериниң таллаўына бола, 2024-жылдың август айында Ташкент қаласында турақ жайлар ушын ижара баҳаларының артқаны бақланған.

Таллаўға тийкарланып оған бир қанша факторлар соның ишинде, сентябрь айынан жоқары билимлендириў мәкемелеринде жаңа оқыў жылының басланыўы бойынша күтилмелер тәсир еткен.

Атап айтқанда, бул дәўирде пайтахтта орташа оңланған квартиралар ушын ижара баҳалары июль айындағыға қарағанда орташа 1,9 процентке, толық оңланған квартиралар ушын болса 0,3  процентке артты. Орташа оңланған турақ жай ижарасына талаптың артыўы бойынша күтилмелер бул түрдеги турақ жайлар ижара баҳаларына тәсир етти.

2024-жылдың август айында ижара баҳалары июль айындағыға салыстырғанда орташа оңланған 1 ханалы үйлер ушын 1,3 процентке, 2 ханалы үйлер ушын 2,1 процентке, 3 ханалы үйлер ушын 1,7 процентке, 4 ханалы үйлер ушын болса 2,5 процентке артты.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА