Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз!» сүрени астында жаңа оқыў жылының басланыўына бағышланған салтанатлы кеше болып өтти.
Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланып, онда университет ректоры Ахмед Реймов, нуранийлер кеңесиниң баслығы Бахтияр Абдикамаловлар шығып сөйледи ҳәм барлық қатнасыўшыларды Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы, жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады.
Сондай-ақ, кешеде соңғы жыллары мәмлекетимизде билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар кең түрде атап өтилип, студент-жаслар өзлерине жаратылған бул имканиялардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигине тоқталды ҳәм оқыўға кирип атырған студентлердиң келешекте елимиздиң раўажланыўына өзлериниң үлеслерин қосатуғын жетик қәнигелер болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.
Буннан соң университет ректоры 1-курсқа оқыўға қабылланған студентлер менен ушырасып, оларға Ғәрезсизлик сабағын өтти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы