5-сентябрь күни Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен «Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы Нызамына қосымшалар киргизилди.

Оған бола, ўәкилликли мәмлекетлик уйымды бажыхана брокери сыпатында жумысты ҳәм халықаралық курьерлик жөнелтпелерин жеткерип бериў бойынша жумысты әмелге асырыў ҳаққында хабардар етиў тәртибин белгилейтуғын қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, бул жумыс түрлерин баслаў яки тамамлаў ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етпегени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен соң күшке киреди.

ӨзА