6-сентябрь –«Халықаралық кураш күни» мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде ересеклер ҳәм нураний палўанлар арасында республикалық турнир болып өтти.

Оған Нөкис қаласы ҳәм районлардан 13 команда қатнасты.

Қызықлы беллесиўлерге толы болған жарыс жуўмағында, улыўма командалық есапта Әмиўдәрья районы палўанлары биринши, кегейлишилер екинши, Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары командалары үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.

Ал, 35-45 жас аралығындағы палўанлар арасында 60 кг салмақта кегейлиши Нурланбек Адилбаев, 70 кгда  қараөзекли Султанияз Қаниязов, 80 кг да нөкисли Низаматдин Хожабаев, 90 кг да кегейлиши Карамат Сапалақов, +90 кг да шоманайлы Айбек Абдихалиқовлар барлық қарсыласларын жеңип шыққан болса, 45-55 жас аралығындағы спортшылар арасында 60 кгда Қанлыкөл районынан Бахытбай Хожамуратов, 70-80-90 кг да кегейлиши Азамат Нурымов, Заретдин Балжанов, Жарас Байекеевлер, 90 кг да нөкисли Равшан Холиқовларға тең келетуғын қарсыласлар табылмады.

Сондай-ақ, 55-65 жас аралығындағы нураний палўанлар арасында да жарыс өткерилип, онда 60 кг салмақта қанлыкөлли Юсуп Абдуллаев, 70 кг да кегейлиши Өмиртай Утемуратов, 80 кг да қоңыратлы Амангелди Айтбаев, 90 кг да әмиўдәрьялы Фарҳад Айманов ҳәм  +90 кг да қанлыкөлли Оралбай Шараповлар жеңимпазлықты қолға киргизди.

Жарыс жуўмағында жеңимпаз командалар ҳәм нураний палўанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы