ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы (РКТС) ның Х халықаралық илимий-әмелий конференциясы 5-сентябрь күни пайтахтымыздағы «Өзбекстан» Халықаралық форумлар сарайында өз жумысын даўам етти. Онда ШБШ ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары, халықаралық шөлкемлердиң ўәкилликли структуралары делегацияларының басшылары қатнасты.
Панель сессиялары даўамында ШБШ Халық дипломатиясы орайы, БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң аналитикалық қоллап-қуўатлаў ҳәм санкциялар мониторингии топары, Өзбекстан Республикасы МҚХ Академиясы, Беларусь стратегиялық изертлеўлер институты, Қазақстан Миллий қәўипсизлик комитети, Москва мәмлекетлик лингивистика университетиниң Иберо-Америка бағдарламалары орайы, Евраазия изертлеўлер орайы ҳәм РФ Сыртқы ислер министрлиги Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институты экспертлери шығып сөйледи.
Қатнасыўшылар терроризмди қаржыландырыў, атап айтқанда, пул ағымлары мониторинги нәтийжелилигин арттырыў ҳәм гүманлы пул өткермелерин анықлаў, ҒМДА Контртеррор орайы ҳәм ШБШ РКТС платформаларында терроршылық шөлкемлери ҳәм терроризмди қаржыландырыўға байланыслы болған шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар базасын раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда тарқалып атырған экстремизм идеологиясы, атап айтқанда, социаллық тармақлар ҳәм түрли веб-дәреклерде экстремистлик контентти анықлаў ҳәм таллаў, виртуал дүньяда радикалласыўға қарсы гүресиў мақсетинде жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў мәселелерин додалады.
Сөйлесиўлер жуўмағында қаитнасыўшылар ашықлық ҳәм өз-ара исеним принциплери тийкарында халықаралық ҳуқық нормаларына сүйенген ҳалда терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў тилегин билдирди.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети арнаўлы оқыў орайының әскерий полигонында ҒМДА Контртеррор орайы жәрдеминде Дослық аўқамы ўәкиллериниң «Шығыс-Контртеррор – 2024» биргеликтеги контртеррор шынығыўлары өткерилди.
Шынығыўлар терроршылық ҳүжимлерин анықлаў ҳәм олардың алдын алыў, шегара қәўипсизилигине қәўип салыўшы терроршылық қәўиплерин зыянсызландырыў ҳәм ғалаба тәртипсизликлерди сапластырыў бойынша биргеликтеги илажларды өткериўде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымларының жумысын жетилистириў мақсетинде өткерилди.
Өзбекстан Республикасы МҚХ баслығы А.Азизов басшылығында өткерилген илаж алдынан киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм кибертерроризмге қарсы гүреске бағышланған контртеррор шынығыўларының биринши басқышы жуўмақлары есап-санақ етилди. Бул басқыш 27-29-август күнлери жети мәмлекет – Өзбекстан, Россия, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан аймақларында болып өткен еди. Жасалма қарсыласларға қарсы өткерилген манёврлар нәтийжелери ҳақында видеоролик көрсетилди.
Илажда ҒМДАға ағза мәмлекетлер Контреррор орайы басшысы Е.Сисоев сондай-ақ, Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Әзербайжан, Армения, Беларусь, Қытай, Иран, Ҳиндстан, Пакистан, Түркия ўәкилликли уйымларының басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасты. Шынығыўлардың екинши ҳәм үшинши басқышлары басланыўынан алдын қатнасыўшыларға жаўынгерлик таярлықты көрсетиўдиң мақсет ҳәм ўазыйпалары, арнаўлы бөлимлердиң қудиети ҳаққында мағлыўмат берилди, республикалық биргеликтеги оператив штаб қәлиплестирилди.
Әҳмийетли инфраструктура объектлеринде қураллы структуралардың ҳүжимлерин азайтыў, гиреўге алынғанларды азат етиў ҳәм шәртли терроршыларды зыянсызландырыў, ғалаба қәўипсизликлерди сапластырыўға бағышланған көргизбели шығыўлар сценарийлериниң биринши ярымын сынақтан өткериў илажларына Өзбекстан Республикасы МҚХ, ИИМ, АЖМ, Миллий гвардия, Қорғаныў министрлигиниң арнаўлы бөлимлери, сондай-ақ, Бас прокуратура ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги ўәкиллери тартылды.
Буннан соң, Өзбекстан Республикасы МҚХ ҳәм Қорғаныў министрлиги Шегара әскерлери ҳәм «Беркут» бригадасы жеке зыянсызландырыў ҳәм таўлы аймақларда душпан базаларын жоқ етиў бойынша арнаўлы операциясы көрсетилди.
Пуқта ислеп шығылған оператив операцияларда арнаўлы ҳәм әскерий техникалар, соның ишинде, авиация ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланылды. Өткерилген оқыў шынығыўлары шәртли терроршылық топарларын зыянсызландырыўға тартылған күш ҳәм қураллардың жоқары дәрежедеги таярлығын, министрлик ҳәм уйымлардың бирге ислесиўдеги ҳәрекетлерин көрсетти.
«Шығыс-Контртеррор – 2024» биргеликтеги контртеррор шынығыўлары Дослық аўқамы мәмлекетлериниң арнаўлы ўәкиллери арасындағы әмелий бирге ислесиў әҳмийетли екенин көрсетти. Шынығыўлар биргеликтеги контртеррор илажларын режелестириў ҳәм өткериў тәжирийбесин жетилистириўге үлес қосты. Терроршылық ҳәрекетлерин анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў бойынша келисилген ҳәрекетлердиң түрлери ҳәм усылларын ислеп шығыў имканиятын берди.
Бул оқыў шынығыўлары ҒМДАға ағза мәмлекетлер Контеррор орайы жәрдеми астында өткерилген усындай илажлардың жигирмаланшысы болып, олардың алтаўында Өзбекстан Республикасы қатнасқан.
Улыўма алғанда, болып өткен илажлар қатнасыўшылар ҳәм бақлаўшыларда унамлы көзқарас қалдырды, олардың жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, тартылған арнаўлы бөлимлердиң жеке қурамы ҳәм басқа уйымлар ўәкиллериниң профессионаллығы айрықша атап өтилди.
ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымларының ўәкиллери илажға таярлық көриў ҳәм оны табыслы өткериў, терроризмге қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан үлеси ушын сыйлықланды. Сондай-ақ, қатнасыўшылар қурал-жарақ ҳәм арнаўлы техника үлгилери көргизбесин көзден өткерди, айырым түрдеги қурал-жарақ ҳәм техникаларды ислеп шығарыўды локализациялаў процеси менен танысты.
Алпомиш МАШРАБХОНОВ,
ӨзАның хабаршысы