Пайтахтымызда «Орайлық Азияда турақлы жәмийетшиликлерди қәлиплестириў – социаллық жумыс ҳәм социаллық хызметлер арқалы балалар, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақтың абаданлығына жәрдем бериў» темасында регионаллық форум болып өтпекте.
Бул форум Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Балалар қоры (ЮНИСЕФ)ның Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Юнисефтиң Европа ҳәм Орайлық Азия регионаллық бюросы және Колумбия университети социаллық жумыс мектеби менен өз-ара биргеликте шөлкемлестирилди.
Илажда абырайлы халықаралық шөлкемниң ўәкиллери, 7 сырт мәмлекеттен 62 халықаралық экспертлер, мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары қатнаспақта.
Бизге белгили, елимизде халықты социаллық қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Социаллық хызметлердиң системаларын раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Халықтың түрли қатламлары – ҳаял-қызлар, балалар, майыплығы бар болған пуқаралар, социаллық қорғаўға мүтәж инсанлар менен ислесиў ҳәм оларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге қаратылған системалы жумыслар жолға қойылмақта.
Форумда атап өтилгениндей, Орайлық Азия ҳәм Евроазия регионындағы шериклер менен социаллық қорғаў тараўында қатнасықларды кеңейтиўде усы сыяқлы әнжуманлар үлкен әҳмийетке ийе. Социаллық қорғаў тараўындағы потенциаллы кадрлар, өз жумысының шебери болған қәнигелер менен өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм усы система шөлкемлеринде ислейтуғын хызметкерлердиң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтиўге хызмет етеди.
Регионаллық форум қатнасыўшылары түрли темалардағы сессиялар даўамында социаллық жумыс тараўындағы методология ҳәм тәжирийбелерди додалады.
Колумбия университети Социаллық жумыс мектеби профессоры Луиза Гилберт өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги күнде Өзбекстанда социаллық жумыстың дурыс шөлкемлестирилгенин атап өтти.
Усы сессия даўамында Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Тәжикстан мысалында социаллық жумысты шөлкемлестириўдеги абзаллықлар, социаллық жумыс билиминиң компенсацияға тийкарланған моделин интеграциялаў темаларында халықаралық экспертлердиң презентациялары болып өтти.
Сондай-ақ, форум даўамында Орайлық Азия регионындағы әззи топарлар ушын социаллық изертлеўлер ҳәм жәмийтшилик жетекшилигиндеги араласыўлар, ең әззи жәмийетлер ушын пайда болатуғын социаллық ҳәм жәмийетлик саламатлық машқалаларына турақлы шешимлер жаратыў мәселелери додаланды.
Бундай форумлар халықаралық шөлкемлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеп, социаллық қорғаў тараўында нәтийжели, дәлиллерге тийкарланған стратегия ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, Өзбекстандағы социаллық жумыс билимин ҳәм әмелиятын және де жақсылаўға тийкар болады.
Муҳтарама Комилова, Рустам Назарматов (сүўрет)