Қараөзек районында 1-сентябрь Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен спорттың волейбол түринен район жаслары арасында «Ҳәким кубоги» жарысы өткерилди.

Жарыстың ашылыў мәресиминде  район ҳәкими Анвар Баймуратов қатнасыўшыларды Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен қутлықлап, жасларды саламат турмыс тәризине тәрбиялаў ҳәм олардың арасында спортты кеңнен ен жайдырыў бойынша районда исленип атырған жумысларды атап өтип, командалардың жарыста белсене қатнасыўына тилеклеслик билдирди.

Буннан соң жарысқа старт берилип, қызғын өткен беллесиўлер жуўмағында А. Досназаров аўыл пуқаралар жыйыны жаслары барлық қарсыласларынан үстин келип, «Ҳәким кубоги»н жеңип алыўға миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Есимөзек ҳәм Қуралпа елатларынан келген командаларға несип етти.

Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги