Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрилиги делегациясы быйылғы жылдың 2-3-сентябрь күнлери Азия ҳәм Тыныш океаны ушын экономикалық ҳәм социаллық комиссия (ESKATO) тәрепинен Астана қаласында шөлкемлестирилген «Санлы инклюзия ҳәм трансформация бойынша Азия-Тыныш океаны  министрлер конференциясы»ында қатнасыў ушын хызмет сапарын әмелге асырды.

Усы илаж шеңберинде министр Шерзод Шерматов Қазақстан Республикасы Санлы раўажланыў, инновациялар ҳәм аэрокосмослық санаат министри Ж.Мадиев пенен ушырасыў өткерди, делинеди Санлы технологиялар министри мағлыўматында.

Ушырасыўда санлы көнликпелерди оқытыўды тәмийинлеў, санлы инклюзивлик ҳәм санлы трансформация бойынша регионаллық бирге ислесиў жағдайы ҳәм оны беккемлеў перспективаларына итибар қаратылды.

Буннан тысқары, санлы инновацияларды жеделлестириў ушын зәрүр регионаллық бирге ислесиў режелерине тоқтап өтилди.

Және бир әҳмийетли мәселе, еки мәмлекет қатнасыўында космосқа өз-ара жаасалма жолдаслар топарын ушырыў бойынша бирге ислесиўди әмелге асырыў мәселесин үйрениў ҳәм мағлыўматларды быйылғы жылдың ақырына шекем таллап, усынысларды белгилеп алыў додаланды.

А. РУСТАМОВ, ӨзА