Сўхтың төменги аўылы Тул орайдан әдеўир узақта. Қалаберди, дәрьяның оң тәрепинде Үлкен қырғыз аўылы бар. Көпирдиң еки тәрепинде жасайтуғын халық ҳәмийше улыўмалық базарды әрман еткен. Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы алдында әрманлар ҳақыйқатқа айланды. Еки мәмлекет жуўапкерлериниң ҳәрекети менен шегараның бийтәреп бөлегине тутас жерде жаңа базар ашылды. Оны «Дослық» базары деп атады.
– Мәмлекетлер басшыларына бундай уллы иске келисим бергени ушын үлкен рахмет,-дедйи мәҳәлле ақсақалы Абдуллоҳ ата. – Енди базарға дәрьяның арғы тәрепиндеги Үлкен қырғыз аўылының халқы да еркин келип атыр, гүриш, ерик басқа да дийқаншылық өнимлерин сатып, бул жерден ун, овощ, мийўелерди алып кетпекте. Кийим-кеншек бөлими де ислеп тур.
Бүгин Тул аўылы халқының да, қырғыз қоңсылар да Өзбекстанның ғәрезсизлик байрамын биргеликте белгилеп атыр.
Муҳаммаджан Обидов, ӨзА