Усы күнлерде Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығы мүнәсибети менен дипломатиялық корпус ўәкиллери, халықаралық шөлкемлердиң басшылары елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға мүнәсибет билдирип, халқымызды үлкен қуўаныш пенен қутлықламақта.

Атап айтқанда, YUNESKOның Өзбекстандағы ўәкили Сара Нишади да ӨзА арқалы байрам қутлықлаўын жоллады:

– Бизге белгили, соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм YUNESKO арасындағы қатнасық жанланды. Беккем бирге ислесиўдиң тийкарғы факторы мәдений мийрасты қәстерлеп-сақлаў, билимлендириўди  жоқарылатыў ҳәм турақлы раўажланыўға жәрдем бериўге қаратылған улыўма садықлыққа  тийкарланады. Республика басламаларымызда белсене қатнасып, ҳәрекеттеги шерикликти және де беккемлемекте.

YUNESKO басшылығында Өзбекстанда ири әнжуманлар өткериў дәстүрге айланды. Әне, усындай ири илажлардан бири «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалы болып есапланады.

Усы музыка байрамы бүгинги күнге келип Шығыстың бай дәстүрин үгит-нәсиятлаў мақсетинде түрли мәмлекетлердиң көркем өнер ийелерин ҳәм илимпазларын бирлестиретуғын ири мәдений алмасыў майданына айланды.

Бизиң тынышлықты ҳәм мәденияттың ҳәр түрлилигин қоллап-қуўатлаўға қаратылған миссиясызда айрықша орын тутатуғын бул илаж түрли мәдениятлар арасында қарым-қатнас орнатыў ҳәм өз-ара келисимди тереңлестириўде үлкен әҳмийетке ийе. Көп жылдан берли Самарқандта тек ғана жанлы мәдений мийрас көрсетилип қоймастан, ал Өзбекстанның халықаралық мәдений бирге ислесиў орайы сыпатындағы абырайы да беккемленбекте.

13-мәрте шөлкемлестирилген бул гезектеги фестиваль мәмлекеттеги және бир үлкен қуўаныш – Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығы байрамына үлесип кетти.

Усы жерде Ғәрезсизлик халықтың суверенитети ҳәм өз тәғдирин өзи белгилеўин тәмийинлейтуғын уллы жемис, имканият екенин атап өтиў керек. Мениңше, ғәрезсиз миллеттиң өзине тәнлиги, өз жолын белгилеў еркинлигиниң мәнисин белгилейди. Мәдений мийрасты қәстерлеп-сақлаў, билимлендириўди раўажландырыў, халықтың қәдирияты ҳәм умтылысларын көрсететуғын келешекти қурыў потенциалын да көрсетеди. Ҳәр қандай ел ушын ғәрезсизлик тек ғана тарийхый жеңис емес, ал раўажланыў, аўызбиршилик ҳәм пуқаралардың  абаданлығын тәмийинлеў жуўапкершилиги болып есапланады.

Өзбекстанда усындай әййям белгиленип атырған бир ўақытта өтмишти қәдирлеў, бүгинги күн менен жасаў,жарқын ҳәм абадан келешекке умтылыў руўхы бар.  Ҳәзирги күнлерде тарийхый сәнени белгилеп атырған  халық ушын шын жүректен тынышлық, аўызбиршилик ҳәм абаданлықтың даўамлылығын тилеймен. Миллеттиң бай мәдений мийрасы жарқын ҳәм табыслы келешек қурыў жолында мақтаныш ҳәм илҳам дәреги болсын.

Барлық  өзбекстанлыларға уллы байрам мүбәрек! Ғәрезсизлик руўхы елди даўамлы раўажланыў ҳәм аўызбиршиликке жетелесин!

ӨзАның хабаршылары Гөззал Сатторова жазып алды.