«Шарқ тароналари» XIII халықаралық музыка фестивалы шеңберинде «Шығыс халықлары музыка мәденияты: глобалласыў процесслеринде дөретиўшилик үйлесиў принциплери» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияда 32 сырт мәмлекеттен 46 музыкатаныўшы, фольклортаныўшы ҳәм мәденияттаныўшы илимпазлар, сондай-ақ, абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары ҳәм илимий-дөретиўшилик орайларының басшылары қатнасты.
Конференция даўамында тараў қәнигелери миллий музыка көркем өнерин түркий мәмлекетлер музыка мәденияты менен үйлестириў, инновациялық билимлендириў технологияларын кеңнен енгизиў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, Қытай, Франция, Россия, Германия, Гамбия, Оман ҳәм Иордания мәмлекетлериндеги жоқары оқыў орынлары, халықаралық илимий изертлеў орайлары менен өз-ара бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды. Бул бирге ислесиў шеңберинде биргеликтеги дөретиўшилик жойбарлар әмелге асырылады, халықаралық фестивальлар ҳәм таңлаўлар шөлкемлестириледи, профессор-оқытыўшылар тәрепинен шеберлик сабақлары өткериледи ҳәм илимий изертлеўлер алып барылады.
Конференцияның және бир әҳмийетли бөлеги «Мақам капсуласы» презентациясы болып, илаждың дөретиўшилик шыңы сыпатында тәрийпленбекте.
Гулноза Бобоева, ӨзА