Әзербайжан автомобиль федерациясы «Baku City Ring Operating Company» ҳәм «Dreamland Golf Club» пенен биргеликте Бакуде классикалық автомобильлер парады ҳәм көргизбесин шөлкемлестирди. Бул ҳаққында «Азертаж» хабар агентлиги мәлим етпекте.

Илаж Гейдар Алиев атындағы орайдың турақлы көргизбесиндеги автомобильлер көргизбеси менен басланды. Олардың арасында 1929-жылы ислеп шығарылған «Mercedes Benz Gazelle» те бар еди.

Автомобильлер парады Приморск миллий бағынан басланып, қаланың орайлық көшелери ҳәм қыябанлары бойлап даўам етти. Сондай-ақ, бағдарлама даўамында «Dreamland» гольф клубында жуўмақлаўшы классикалық автомобильлер көргизбеси де шөлкемлестирилди.

Қатнасыўшылардың пикиринше, ретро автомобильлери тамашагөйлерде ностальгия туйғысын оятқан.

Жеңил машина ықласбентлери «Ең ески автомобиль» ҳәм «Ең сийрек автомобиль ушырасатуғын» сыяқлы номинациялар бойынша өз-ара беллести. Қызғын руўхта өткен жыйын әзербайжанлы белгили қосықшылардың қатнасыўындағы концерт ҳәм кеўилашар бағдарлама менен даўам етти.

 

Ў.Алимов, ӨзА