«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 6-августтағы пәрманы ҳәм Әзербайжан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 22-июльдеги пәрманына бола, Полад Бюлбюлоғлуға «Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳәм Фаррух Закировқа «Халық артисти» атақларын салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Илажда атап өтилгениндей, тили, мәденияты, арзыў-нийетлери, умтылыслары бир-бирине үнлес болған Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықлары арасындағы өз-ара дослық қатнасықлары барған сайын раўажланып бармақта. Бул бағдардағы дослық қатнасықларын раўажландырыўда көркем өнер ҳәм мәденият тараўының орны ҳәм үлеси барған сайын артпақта.
Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек назарбеков әзербайжанлы белгили көркем өнер ийеси Полад Бюлбюлоғлуға «Өзбекстан халық артисти» ҳүрметли атағын, Әзербайжан Республикасы мәденият министри Адил Каримли өзбекстанлы устаз көркем өнер ғайраткери Фаррух Закировқа туўысқан мәмлекеттиң «Халық артисти» жоқары атағын тапсырды.
– Бурыннан халықларымыз дос, туўысқан, ханалас болып келген, – деди әзербайжанлы белгили көркем өнер ийеси, Өзбекстан халық артисти Полад Бюлбюлоғлу. – Атам Өзбекстанға тез-тез келип туратуғын еди. Бул қутлы елге бәрқулла шексиз муҳаббат, ҳүрмет пенен қарағанбыз. Еки мәмлекет басшыларының басламалары тийкарында мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар мисли көрилмеген жаңа басқышқа көтерилди. Бундай жоқары ҳүрметтен оғада миннетдарман.
– Бул атақ мениң халқыма, Өзбекстаныма, мәдений қәдириятларымызға, мәмлекетимиз басшысына болған шексиз ҳүрметтиң әмелий көриниси болып есапланады, – деди устаз көркем өнер ғайраткери, Өзбекстан, Әзербайжан халық артисти Фаррух Закиров. – Бундай илажлар дослығымыз мәнги, беккем ҳәм бәрқулла турақлы екенинен дәрек береди.
Салтанатлы илажда шығып сөйлеген Өзбекстан халық артисти Насиба Абдуллаева, Әзербайжан миллий мәденият орайы басқарыў кеңесиниң ағзасы Али Насирли ҳәм басқалар еки халық арасындағы дослық қатнасықлар бүгин жоқары басқышқа шыққаны бизиң ең үлкен жетискенликлеримизден бири екенин айрықша атап өтти.
Назокат Усмонова,
Алимурод Мадаминов (сүўрет),
ӨзАның хабаршысы